Пара армрестлингшилеримиздиң жәҳән кубогиндеги табысы

Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласында спорттың Армрестлинг ҳәм пара армрестлинг түринен барлық жас категориялар арасында Жәҳән кубоги жарыслары болып өтпекте.
Жарысқа Ҳиндстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Монголия, Украина, Беларусь ҳәм Қытай мәмлекетлеринен жәми 300 ге шамалас спортшылар қатнаспақта.
Жарыста пара армрестлинг бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы 6 спортшы қатнасып, 2 медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, Төрткүл районындағы спорт мектеби шуғылланыўшылары Моҳинур Артықбаева 50 кг. салмақ категориясында оң қол менен беллесиўде барлық қарсыласларын жеңип шығып, кубок жеңимпазына айланды ҳәм алтын медаль менен сыйлықланған болса, Нематжан Хўжамуратов 100+ кг. салмақ категориясында оң ҳәм шеп қолда беллесиў бойынша өткерилген жарыста сыйлы 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Жеңимпаз параспортшыларымызды жарысқа Нилуфар Аннамуратова таярлады.
Кубок жарыслары еле даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы