Минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланыўшы исбилерменлер енди лицензия тийкарында жумыс жүргизеди (+видео)

403

Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 22-февральдағы 80-санлы қарары менен тастыйықланған режеге бола, жаңа тәртип енгизилмекте.

Лицензия алыў ушын талаплар қарар режесиниң 36-қосымшасында белгиленген.

Итибарлысы, минерал төгинлер ҳәм химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы менен шуғылланатуғын пуқаралар өсимликлерди қорғаў бағдарында жоқары ямаса орта  арнаўлы қәнигеликке, сондай-ақ, edukarantin.uz онлайн платформасында маманлық арттырғаны ҳаққында сертификатқа ийе болыўы керек.

Оның ушын edukarantin.uz сайтынан бирден-бир идентификатор арқалы дизимнен өтип, төлемди әмелге асырыў талап етиледи.

Оқыў курсын табыслы жуўмақлаған тыңлаўшылар сертификат тийкарында төлемли хызмет көрсетиўи мүмкин.

Лицензия алыў ушын арза Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы (my.gov.uz) ямаса «Лицензия» автоматластырылған система (licnct.gov.uz) арқалы 5-февраль сәнесинен қабыл етиледи.

Лицензия 5 жыл мүддтеке бериледи.

Минерал төгинлер  ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларының импорты болса буннан былай руқсатнама тийкарында әмелге асырылады.

Онда талапкер электрон санлы қолдан пайдаланған ҳалда руқсатнаманы алыў ушын «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы (singlewindow.uz) арқалы базалық есаплаў  муғдарының бир есеси муғдарында төлемди әмелге асырып, өним алып киргизилиўинен 30 күн  алдын мүрәжат етиўи талап етиледи.

Ш.Маматуропова, ӨзА