Нодирбек жеңимпазлар қатарында

272

Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында еки ҳәпте даўам еткен шахмат бойынша «Tata Steel Chess-2025» турнири өз жуўмағына жетти.

Кеше өткерилген 13-турда «Мастерс» топарында жетекшилердиң бири болып киятырған Нодирбек Абдусатторов ҳиндстанлы Пентала Ҳарикришна менен теңбе-тең ойнап, бир упайға ийе болды ҳәм жарысты 3-орын менен жуўмақлаўға мәжбүр болды. Егер, Нодирбек усы ушырасыўда жеңип шыққанында  чемпионлық ушын тай-брек ушырасыўларында қатнасыў имканиятына ийе болар еди.

Ал, турнир жеңимпазлығы болса,  8,5 упайдан топлаған ҳиндстанлы Гукеш ҳәм Рамешбабу арасында өткерилген тай-брек беллесиўинде анықланды ҳәм Прагнанандҳа 2:1 есабында жеңиске еристи.

Солай етип, «Tata Steel Chess-2025» турниринде Рамешбабу  Прагнанандҳа чемпионлықты жеңип алған болса, Гукеш екинши, Нодирбек Абдусатторов 8 упай менен сыйлы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

«Челленжер» топарында қатнасып атырған Нодирбек Якуббоев болса, жарыстың соңғы турларын көтериңки руўхта өткерип, 8 упай менен қосымша көрсеткишлерге бола, төртинши орынды ийелеўге еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы