Картошка баҳасының қашан арзанлайтуғыны белгили болды

Соңғы күнлерде социаллық тармақларда картошка баҳасының көтерилгени ҳаққындағы хабарлар тарқалды. Аўыл хожлағы министрлиги бул бойынша түсиник берип, баҳалардың қәлиплесиўи ҳәм төменлеўи бойынша прогнозын жәриялады.
Оған бола ҳәзирги күнде Ташкент қаласындағы үлкен базарларда картошканың баҳасы 9-10 мың сум әтирапында болып, арзанлатылған ярмаркаларда 5-6 мың сумға шекем сатылған.
Картошка баҳасының артыўына тәкирар егилген майданларда өним аз болыўы, өндирис қәрежетлериниң артыўы ҳәм импорттағы транспорт машқалалары себеп болды. Соңғы жыллары туқым, төгин, жанылғы ҳәм суў салықларының баҳасы кескин артқаны да өзине түсер баҳаға тәсир етти.
Баҳаларды турақластырыў ушын 245 мың тонна картошка резервке алынып, 9,9 мың тоннасы базарға шығарылды. Сондай-ақ, Аўғанстан, Қырғызстан, Пакистан ҳәм Иран мәмлекетлеринен 94 мың тонна картошка импорт етилди.
Министрликтиң мағлыўматына бола, февраль март айларында баҳалар турақласып, апрель-май айларында болса жаңа өним базарға шығыўы менен төменлеўи күтилмекте. 2025-жылдың өними ушын 122 мың гектар майданға картошка егиў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги