Шегараларды өзгертиў ҳаққындағы мәселе додаланды

342

Дүньяда бақланып атырған  турақсызлық, ғалабалық тәртипсизликлер ҳәм кескинликлер бир қатар мәмлекетлердиң тынышлығына зыян жеткерип, халықлардың өз-ара дослығы ҳәм тынышлығына  унамсыз тәсир көрсетип атырғаны сыр емес.

Усыны инабатқа алып, «Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 244-статьясына өзгерис киргизиў  ҳаққында»ғы нызам ислеп шығылған.

Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң  мәжилисинде усы нызамды додалаў тийкарында ғалаба  тәртипсизликлерге қол урыў мақсетинде оқыўдан өткени, ғалаба тәртипсизликлерди қаржыландырғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи ғалаба тәртипсизликлер менен байланыслы айырым ҳәрекетлер ушын жуўапкершилик илажларының күшейтилиўи, бул түрдеги жынаятларды  профилактикалаў механизми жетилистирилиўин тәмийнлейди.

Буннан тысқары, мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Жынаят- атқарыў кодексине жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар ушын аралықтан видео-ушырасыўлар өткериў имканиятын жаратыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  нызам да көрип шығылды.

Нызам менен системада заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы қамақтағылардың ҳуқықларын және де кеңейтиў, бул арқалы жынаят-атқарыў нызамшылығын халықаралық нормаларға муўапықластырыў мақсет етилген. Нызам қамақтағылардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў, олардың жақын туўысқанлары менен аралықтан турып видео-ушырасыўлар өткериўи ушын имканият жаратыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, Самарқанд ўәлаятының Самарқанд қаласы, Самарқанд ҳәм Ақдәрья  районларының шегараларын өзгертиў ҳаққындағы мәселе де додаланды.

Атап өтилгениндей, Министрлер  Кабинетиниң усынысына тийкарларып Самарқанд районынан 170 гектар ҳәм Ақдәрья районынан 243 гектар жер майданы Самарқанд қаласы қурамына өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

Мәжилисте  қарар жойбары тийисли мәкан пуқаралар жыйыны, халық депутатлары Самарқанд қалалық, Самарқанд ҳәм Ақдәрья районлық ҳәм ўәлаятлық  кеңеслеринде додаланып, шегаралардың картографиялық сызылмасы ҳәм шегаралар сызығының классификациясы мақулланғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, қарар жойбарында аймақтың шегараларын өзгертиў ҳәм онда белгиленген ўазыйпаларды системалы әмелге асырыў мақсетинде  Ҳүкиметке комплексли илажларды әмелге асырыў ўазыйпасы жүкленбекте.

Атап өтилгениндей, усы район ҳәм қала шегараларының өзгериўи менен «Ширин» заманагөй исбилерменлик орайы шөлкемлестириледи. Бул аймақта 254 көп қабатлы турақ жайлар, 19 исбилерменлик ҳәм бизнес орайлары, 50 социаллық тараў объектелери, 89 кеўилашар ҳәм саўда комплекслери ҳәм тарийхый қала қурылыўы нәзерде  тутылмақта.

Додалаў жуўмағында тийисли қарарлар қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА, ӨзА