Малайзияда биринши мәрте Өзбекстандағы илимий-ағартыўшылық тараўдағы реформалар ҳаққында  фильм қойып бериледи

200

Малайзия телеканаларында Өзбекстанда диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған реформаларға бағышланған арнаўлы фильмниң презентациясы болып өтеди. Бундай жойбар биринши мәрте Имом Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайының басламасы менен әмелге асырылмақта.

Фильмде Өзбекстанның ири илим ҳәм мәденият орайы сыпатындағы бай тарийхы, сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен диний-ағартыўшылық тараўда әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар, уллы ойшыл илимпазларымыздың бай илимий-руўхый мийрасын терең үйрениў ҳәм кең түрде үгит-нәсиятлаў бойынша алып барылып атырған жумыслар, Жаңа Өзбекстанда шөлкемлестирилген халықаралық илимий изертлеў орайларының жумысы ҳәм жетискенликлери ҳаққында гүрриң етиледи.

Фильм Өзбекстан ҳәм Малайзия арасында илимий-мәдений тараўдағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға, диний-ағартыўшылық тараўдағы кең көлемли реформалар, унамлы өзгерислер, әҳмийетли нәтийже ҳәм илимий жетискенликлерди малай жәмийетшилиги арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.

ӨзА