Алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң пленумы болып өтти.
Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ағзалары, қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериндеги депутатлық топарларының ағзалары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Т.Романов партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Жоқарғы Кеңестеги партия фракциясының өткен дәўир ишинде әмелге асырған жумыслары ҳаққында есабат берди.
Пленумда 2024-жылы 27-октябрьде болып өткен өткен сайлаўлардың нәтийжелери ҳәм барлық дәрежедеги партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелериниң 2024-жылдағы жумысының жуўмақлары ҳәм 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясының Ис-режесин тастыйықлаў мәселелери додаланды.

Атап өтилгениндей, ӨзМТДП Кеңесине өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына пропорционал сайлаў түри бойынша 2, Жоқарғы Кеңеске 9 ҳәм Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслерине 61 депутат, жәми 72 депутат сайланды. Сондай-ақ, партиядан Сенатқа 1 талабан ағзаллыққа сайланды.
– Бүгинги күнге келип партияның Қарақалпақстан Республикасы бойынша басланғыш партия шөлкемлериниң саны 680, партия ағзаларының саны болса 51 мыңнан артты. Турақлы комиссия мәжилислерине 19 мәселе, жергиликли Кеңеслердиң сессияларына 15 баслама алып шығылды, – деди ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Тәжибай Романов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде.
Жәмлеспеген жаслардың бәнтилигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелерде жасап атырған жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинлеген шаңарақлардың перзентлери, ўақытша жумыссыз ҳаял-қызларға қосымша бийпул кәсип-өнер үйретиў ушын «Хызмет-бийминнет» жойбары шеңберинде өткен жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша 13 бийпул оқыў курслары шөлкемлестирилген. Оқыў курсларында 89 жасқа ҳәм ҳаял-қызларға қосымша бийпул билим ҳәм кәсип-өнер үйретилген. Усы бийпул курсларды 2025-жылда да даўам етиў белгилеп алынды.
Пленум жуўмағында додаланған мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги