Әўметли үш туз

(Новелла)
Бөлмени темеки түтини менен араласып кеткен арақтың ийиси қаплап алғанлықтан демиңди қысып, кеўлиңди айнытады. Түни менен ойнап, бар нәрсесинен журдай болған Ғанийбай не болғанын еслей алмай сол созылыўы менен көп жатты. Текте ким менен ойнағаны, алдын еки қолда утқаны, соңынан теңге таслаў шәртине көнип, ойынды даўам еттиргенде барлық пулларын уттырып қойғанын еследи.
-Ўах басым. Не болды. Басым қысып баратырғо,-деп орнынан тура бергени сол қапталында местей болып қарны ашылып жатырған Сапарбайға көзи түсти.
-Тур ҳеў. Тур деймен.
Оның тур-турлағанына оянағоймаған Сапарбай қурылдыны урыўы менен аўдарылып түсип, терис қарап жатты. Көп ишкенинен басы шыртылдап, оның үстине қолында не болса соннан айырылғаны есине түсип ашыўға буўлығыўы менен турған ол Сапарбайды ашыў менен бир тепти.
-Неўўўеее. Орнынан ушып турған ол мазалы уйқысын бузғанына шыдамай бақырып жиберди.
-Неўўе болатуғын еди. Кеше не болды. Тыртық пенен Көсе қашан кетти? Пуллар да, машынның гилти де кетти ме?
-Ўайбуў, бәрин өзиң еслеп отырсаңғо. Меннен несин сорайсаң уйқымды бузып. Сонша айттым саған ойнама деп. Тыңламадың. Пуллар да кетти. Машында кетти. Қатының кетиўге сәл қалды.
Ғанийбай соңғы сөзге шыдап тура алмады. Қысып турған мушы менен қапыны бир урды.
-Ҳеш қашан. Ҳеш қашан. Бала шағама ҳеш ким тийе алмайды. Геўдемде басым турар екен, мен тири екенмен ҳаялыма ҳеш ким көз аларта алмайды. Егер тийсе Ғобий атым күйип кетсин. Дүньяға от қояман.
Олар бириниң гәпи бирине қайшы болып салғыласып бираз отырды. Соның арасынша есик қағылды.
-Ейй мужики давайте босатың квартираны. Тазалаўым керек,-сыртта қапыны қағып турған татар кемпирдиң даўысынан олар ўақыттың әлле мәҳәл болып қалғанлығын билди. «Тур-турдан хабар келсе, уйқыдан маза қашар» дегениндей Сапарбай енди жата алмайтуғынын билди.
-Қәне кетейик бул жерден. Өзи кеше бир күнге бәнтлеп едик. Әўметсиз үйден тезирек кетейик. Бир майданда ақылы енип қалған Сапарбай орнынан турып, кетиўдиң әнжамына кирисе баслады.
-Машын жоқ болса не менен кетемиз. Күни менен мийи мең-зең болып, нениң-не екенин шаға алмай ашыўға буўлығып турған Ғанийге шыққан шығынлары әбден батайын деди.
-Не менен кететуғын едик. Қара картадан утылған адам еки аяғы менен қайтады да егер тири болса. Усыған да шүкир ет. Көсениң ашыўына тийгениңде сени саў таслап кетпес еди. Еледе арашалап қалдықғо.
Түндеги ойында утылып, бар байлығынан айырылған Ғанийбай күйикке шыдай алмай қасындағы шериги Сапарбай менен азанға шекем арақ ишип, мәс болып жатқанлықтан түс аўып баратырғанда ғана сүйретилип, еки ийини түсип үйлерине қайтты.
***
Темекини терең тартып, бир ноқатқа үңилип ойланып отыратуғын күйеўиниң бул жағдайы Ғумшагүлди ойландырайын деди. Иштейи жоғалып, адамлар менен мәмилеси де өзгерген. Күнде қалтасында ақшалары попсып жүретуғын оның бүгинлигинде бир шөрек нан алып келиўге де ҳалы жоқ. Ақыры шыдамы таўсылған ол күйеўине жарылды.
-Буне Ғаний. Не болды саған. Я ишпейсең, я жемейсең? Я бир адам менен ашылысып сөйлеспейсең?. Баллар менен де жумысың жоқ. Үйде азық-аўқат та таўсылып тур. Базарлап келгенди де қойдың. Машының қаяқта десем де түйирли нәрсе айтпай атырсаң. Ҳаялының шырлап сөйлеп атырғаны Ғанийге бираздан соң тәсир етти. Қолындағы темекисин таслады да, орнынан әсте турды. Адам деген демде екенаў. Бир майданда шөптей болып азып кеткен күйеўине Ғумшагүл енди анықлап қарап атыр. Оның ишиндеги кемирип атырған дәртти не екенлигин билиўге асығар еди.
-Ҳеш нәрсе. Сени қәўетерге салатуғын ҳеш нәрсе жоқ. Аманлық. Ең тийкарғысы баспанамыз бар. Денимиз саў.
-Ҳаў не деп турсаң. Есиң дурыспа өзи. Баспанамыз бар дегениң не. Жайымыз бурыннан барғо Қудайға шүкир,-деп күйеўиниң сөзлерине ҳайран қалған Ғумшагүл бир нәрседен сезикленийин деди. Ара-тура қонып, үйге келмей қалатуғын оның «жумыста нәўбетшиликте турып қалдым» деп келетуғын бәнесине әўелги гүманы және артайын деди. Ислейтуғыны бир қараўыллық жумыс болса сонша ақшаны қайдан алып келди екен деп қызықсынғанда «айлығым жақсы, ана жерде, мына жерде «шабашки» иследим» дегенине исенип-ақ жүр еди. Кирейме-кирей жүрген күнлердиң биринде усы күйеўиниң «табысы» менен бир демде жай да алып еди. Машынлы да болды. Бирақ, оның мол-молақай ақшаны қара карта ойнап алып келип жүргенин еле билмейди бул пақыр…
***
Армиядан келип, жигитлик жигери толып тасып турған Ғанийбай әкесиниң «үйлен балам. Бизлерде келин түсирип, ақлық сүйейик. «Саяқ жүрген, таяқ жейди» дегениндей, келгениңе еки ай болды. Қуры жүрсең тентиреп. Сениң басыңды екеў етип тынайық» дегенинен соң, күнде ҳәр қызға гәп атып жүрген оған, әкесиниң бул гәпи жағып түсти. Оқыўға тапсыраман деп пайтахтқа барып жүргенинде усы Ғумшагүлди ушыратып қалды. Оқыўға кире алмады, бирақ қыздан әўмети жүрисип, мед училищеде оқып атырған усы қызды арадан үш ай өтип, аўылға келин етип алып келди. Узын шашлары қәдди қәўметине жарасып, еки жүзиндеги алмасы күлгенинде ойылып, және де ашылысып кететуғын бул қыз қол-аяғы шаққан, арыў келин болды. Хызметинен кеўли толған ата-енеси ҳәр күни ақ пәтиясын берип, оған тәрбия берген ата-анасына рахметин жаўдыртып отырар еди. Аўылдағы клубта кино қойыўшы болып ислеп жүрген Ғанийбай танысларының изине ерип қумар ойнын ойнайтуғын әдетти шығарды. Дәслеп әдисин түсине алмай жүрген ол соңын ала утып, бираз ақша алып келетуғын болды.
-Баламаў усы киноклубтағы жумысыңды қойып трактор айдасаңо. Анаў-мыныў егип алар едик. Мениңде бурынғыдай күш қарыўым жоқ,-деген әкесине:
-Ҳәзирги жумысым боладығо аға. Трактор айдай алмайманғо билесиз. Оннанша Шамшетти үйлендирейик. Бизлер Нөкиске кирейге болса да бөлек шықсақ деп едим. Келиниңизге де сол жақтағы емлеўханадан жумыс таўылып тур,-деп жуўап берди. Арадан көп ўақыт өтпей олар еки баласын алып, пайтахтқа көшип кетти. Бул ўақытта Ғаний қара картаны әбден меңгерген ойыншыға айланып үлгерген еди…
«Сум сумды намазшамда табады» дегениндей, Ғанийдиң өзине қусаған «картожник» таныслары көбейе берди. Ол шебер ҳәм жеңилмейтуғын ойыншыға айланғанлықтан ҳәр ойында үйине мол ақша менен қайтар еди . Кәсиби қараўылшылық болса да анаў-мынаў хожалықтан кем жасамады. Ҳаялы да мийирбийке болып жумыс ислеп, хожалықтың аўырманлығын тартыўда тынып-тыншып атырғаны жоқ. Бирақ күйеўиниң бундай нызамсыз ойынлар менен шуғылланып жүргенлиги ҳеш жети уйқылап түсине де енгени жоқ.
-Ғаний,-деди ол бир күни сырттағы сыпада шай ишип отырып. -Сениң бармақларың сирә бир қараўылдың бармағына уқсамайдығо. Тап фортпиано шертетуғын қыздың бармақларындай сүйрик ғана. Оның еркелене ҳәзиллесип сөйлеген сөзлери күйеўине жақпай қалды. Тап карта ойнайтуғынын ҳаялы билип қойғандай секирип түсти.
-Не деп былшылдап отырсаң. Мен не қызбедим саған өйтип. Анам үсийтип туўған нәзик ғана етип. Жақпаса билеклери жуўан, бармақлары шоқмардайын таўып алағой. Оның ашыўланғанынша бар еди. Карта ойнайтуғын ойыншылардың бармақлары жиңишке нәзик ғана болатуғынын олардың өзлериниң «қәўиминде» гилерге ғана аян еди.
***
Машыны менен пулларынан айырылып үйинде өз етин өзи жеп еки ҳәптедей ўақыт жатқан Ғанийбай ақыры соң және ойнайтуғын шешимге келди. Бундағы ойы ол қолынан кеткен бар байлығын қайтырап утып алмақшы еди.
-Ойлан бирақ жора. Бул ҳәзил емес. Оларды қәйтсеңде жеңе алмайсаң. Тигиўге ҳеш нәрсең қалмады. Және жайың менен жеңгейди уттырып қойма,-деген Сағынбайдың гәпи оның ғәзебин келтирип, қайта өшегистирип жиберди. Ол не деди, бул не деди ақыры ойын күни белгиленип, бир жерге қарсыласлары менен жыйналатуғын болды.
Бул рет ойнайтуғын жери өзгертилип, басқа квартираға жыйналды. Тыртығы, Көсеси, Келтеси бәри бир жерге жыйналып, алдын бир-бирине қырын көрсетип, көз урыстырып, малдас қурынып, ортаға барын таслап ойынды баслап жиберди. Жүдә туйық, бәд ийислер аңқып, жоқарыда жанып турған лампочканың ҳәлсиз жақтысында ойнап атырған бул ойын узақ созылды. Кирип-шығып шай, арақ пенен закуска тасып жүрген жас жигиттен басқа бул жерде бийтаныс адам жоқ.
-Шылымнан алың,-деди Тыртық еки қолдан соң қолтығындағы көпшикти мыжғылап және оң жағына қарай жамбаслады. Арақтың да кеўли қалмасын. Алып отыр Ғобий.
Ызаға буўлығып отырған Ғанийге оның мысқыллап сөйлегени жақпады.
-Өзиң ише бер. Темеки де шекпеймен.
-Онысыз ута алмайсаң бәри-бир. Кеўил кейпиятты көтермесең жеңис жоқ. Және барыңнан айырыласаң. Ойынға жаңадан қосылған Келтениң гәпиде оған жақпады.
-Көремиз оны ўақыт көрсетеди,-деди де ол ойынды даўам еттире берди. Ойы тек ғана утыў болып турған ол бар имканиятын, шеберлигин салып ойынды даўам еттирер еди. Сол турысында ол шып-шып терге түсип, маңлайындағы жыйрығы ҳеш бир жаздырылмады. Ойын ақырынлай баслады. Тыртық қолындағы үш картаны ашты. Ҳәммениң көз алдында жайыўлы турған «үш корол» Ғанийдиң және утылғанын аңлатып турар еди.
-Ҳәййй ғошшымай. Мени утатуғын бала еле әкесиниң белинде жүр. Саған қояғой деп айтып едикғо. Енди өзиңнен көр,-деди Тыртық шалқайып таслап ширене сөйлеп. Темеки шеге берип барлы-жоқлы тислери сарғайып, еки урты ишине кирип, аш ийттей жабысқан қарны менен ширенген көринисинен ол аш қасқырға мегзеп кетти.
-Тоқтаң. Асықпаң. Бул да қолындағы картасын ашсын. Көрейик,-деди бул жағдайға шыдамаған шериги Сапарбай. Аш қәне Ғаний. Тасла қолыңдағы картаны.
Күни менен сам саз болып, не билгени ишинде болып тымсырайып отырған Ғаний жеңистен қуўанып отырғанларға әсте көз астынан бир қарап қойды. Және азырақ ўақытты созды. Сөйтти де қолындағы үш картаны ортаға әсте қойды. Не көз бенен қарасын, ортада үш туз қатарласып турар еди. Күни менен шергиниң жағдайына қыйналып отырған Сапарбай бақырып жиберди. Сөйтти де албырақлап Ғанийбайды қушақлап алды ҳәм ортадағы пулларды жыйнай баслады.
-Молодец жора. Зор. Зор болды бәри. Уттық. Бизлер уттық. Барлығын қайтарып алдық. Тиккен жайың да өзиңе қалды. Ең тийкарғысы жеңгейдиң намысы сақланып қалды. Оны өзиңизге уттырмай алып қалдыңыз. Ортада албырақлап қуўанып сөйлеп жүрген шеригине сүйсинип қарап турған Ғанийдиң көзлеринен жас ағып атыр еди.
-Енди ҳеш қашан карта ойнамайман. Бул ақырғы ойыным. Енди ҳадал жол менен пул таўып, балларымды жақсылап тәрбиялайман,-деп жорасына қарай айтып атырған Ғанийбайдың сөзлери аўзында қалды. Ишке тапыр-тупыр ишки ислер хызметкерлери кирип келе баслады.
-Ҳәмме төменге қарай жатсын. Қыймылдамаң. Қоллар артқа.
Қоллары артқа қарай байланған олар өкиниш пенен бас шайқап барар еди. «Соңғы пушайман, өзиңе душпан» дегениндей олардың бул пушайманлығы қамақ жазасынан бетер, перзентлериниң өмирине кери тәсир ететуғынлығын аңламас еди…
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги