Абдуқодир Ҳусанов «Реал»ға қарсы ойынға түсиўи мүмкин

334

31-январь күни Европа чемпионлар лигасының плей-офф ойынларына шек тасланды.

Оған бола, қурамында өзбекстанлы Абдуқодир Ҳусанов бар «Манчестер Сити» клубы Мадридтиң «Реал» клубы менен ойнайтуғын болды.

Сондай-ақ, бул басқышта Бельгияның «Брюгге»си Италияның «Аталанта»сы менен, Португалияның «Спортинг»и Дортмундтың «Боруссия»сы, Шотландияның «Селтик»и Мюнхенниң «Бавария»сы менен ойнайтуғын болды.

Соның менен бирге, бул турда Италияның «Ювентус» ҳәм «Милан» клублары Нидерландияның «ПСВ» ҳәм «Фейнорд» клублары менен беллессе, «Монако» Португалияның «Бенфика»сы, Францияның және бир клубы «Брест» Париждиң «Пари Сен Жермен»и менен келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара ойынға түседи.

Бул командалардың дәслепки ойынлары 11—12-февраль, жуўап ушырасыўлары 18—19-февраль күнлери өткерилип, жеңимпазлар анықланғаннан соң 1/8 финал ушын шек тасланады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы