Жоқары сыйлық өз ийесине салтанатлы түрде тапсырылды

Алдын хабар бергенимиздей, күни кеше Президентимиздиң басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген егислик жерлерде дәраматлы өним жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерилип, онда республикамыздың шетки аймақларының бири болған Қараөзек районындағы Мәденият АПЖ аймағында жасаўшы қыйтақ жер ийеси Генжемурат Турдымуратов «Дўстлик» орденине мүнәсип деп табылған еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қараөзек районында Президентимиздиң пәрманы менен «Дўстлик» орденин өз ийесине салтанатлы түрде тапсырды. Өз гезегинде, Г.Турдымуратов азғана мийнетине болған айрықша итибар ушын ел басшымызға терең миннетдаршылығын билдирди.

Айтып өтиў орынлы, ол Қарақалпақстан шараятында ең арқа аймақлардың биринде азғана жерден мол өним алыўды жолға қоя алған мийнеткеш инсанлардың бири. Өзине тийисли 29 сотих жер майданында 2019-жылдан берли ыссыханада аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў менен шуғылланып келмекте. Дәслеп, өз жумысын 1 сотихлы ыссыханадан баслаған болса, бүгинги күнде 8 сотихлы ыссыханада овощ өнимлери ҳәм нәллерин жетистирип атыр. Исбилерменлик жумысы ушын ажыратылған 33 млн. сумлық жеңиллетилген кредит есабынан шөлкемлестирилген ыссыханаларында 8 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеп, бир неше мәрте өним алыў арқалы дәраматлы болыўына жәрдем бермекте.
Әлбетте, Г.Турдымуратовтай қыйтақ жер ийелериниң азғана жер майданларынан нәтийжели пайдаланыўы ҳәм өз шаңарағы дәраматын арттырыў бағдарындағы мийнетлери көпшиликке үлги бола алады, десек алжаспаған боламыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги