Спорт мектеплер лигасының жеңимпазлары анықланды

319

30-31-январь күнлери Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде U-16 жаслар арасында футзал бойынша «Спорт мектеплер лигасы» турнири болып өтти. 

Турнирде Нөкис қаласы ҳәм районлардан 10 нан аслам командалар қатнасты.

Еки күн даўам еткен турнир жуўмағында, республикалық қәнигелестирилген спорт мектеби биринши орынды жеңип алыўға миясар болды.

Финал ойынында жеңимпаз командаға 2:1 есабында жеңилип қалған Қоңырат районы спорт мектеби тәрбияланыўшылары екинши орынға ылайық деп табылды.

Ал, үшинши орын ушын беллесиўде Нөкис қаласы спорт мектебин пенальтилер сериясында жеңип шыққан Қараөзек районы спорт мектеби командасына несип етти.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, кубок ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы