Және бир комплексли илажға старт берилди

307

Бүгинги күнде Мойнақ районында да кең көлемли қурылыс, оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Бул жумыслардың нәтийжелигин және де арттырыў, жеделлестириў, сондай-ақ, сапалы орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының баслығы З.Турдалиев ҳәм район ҳәкими Б.Меңлибековлардың басшылығында және бир комплексли илажға старт берилди.

Жуўапкер сектор басшылары, аймақ турғынлары, нуранийлар, ветеранлар ҳәм барлық мәкеме-шөлкемлердиң жуўапкерлериниң қатнасыўында өткерилген мәжилисте районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың кеўил-кейпиятына тәсир етип атырған мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти және де раўажландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Ҳәр бир басшы өзине бекитилген ўазыйпаға айрықша жуўапкершилик пенен қараўы кереклиги, халық ийгилиги жолындағы бул жумыслар пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет ететуғынлығы атап өтилип, усы күнниң өзинде кең майданда қатар турған техникалар сап тартып топырақ жолларды қум-шағыл тас араласпалы жолларға айландырыў, кең көлемли абаданластырыў жумысларын алып барыў бағдарындағы әмелий жумыслар баслап жиберилди.

Абаданластырылыўы белгиленген көшелерде электриклер сым тартса, жолшылар ири жүк транспортлары тәрепинен жолларға төгилген қум-шағыл тас араласпасын жайып тегислемекте, басқа хызмет тараўлары да өзлерине белгиленген ўазыйпаларды орынлаўды баслап жиберди.

Районда басланған кең көлемли абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги