Өзбекстан – Пакистан: стратегиялық шериклик ҳәм регионаллық интеграция перспективалары

277

Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы қатнасықлар жылдан-жылға беккемленбекте. Пакистан мәмлекетимиздиң тек ғана, Қубла Азия ҳәм ислам дүньясындағы емес, ал дүнья көлеминдеги исенимли бирге ислесиўшилеринен бири болып есапланады. Бул мәмлекет Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигин бириншилерден болып, 1991-жылдың 20-декабринде тән алған. Өз-ара дипломатиялық қатнасықлар болса 1992-жыл 10-майдан баслап орнатылған.

Өзбекстан экономикалық, сиясий имканияты жыл сайын өсип атырған Пакистан менен өз-ара шериклик қатнасықларын раўажландырыўға әсиресе, соңғы жыллары үлкен әҳмийет бермекте. Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз регионда турақлы раўажланыў ҳәм интеграцияның тийкарғы қатнасыўшылары сыпатында қатнасықлардың стратегиялық өзгешелигин және де күшейтпекте.

Өз-ара саўда ҳәм экспорт көрсеткишлери

Еки мәмлекет арасындағы экономикалық байланыслар кейинги жыллары жаңа басқышқа көтерилди. 2019-жылдағы 122 миллион АҚШ долларлық саўда айланысы 2023-жылға келип 387 миллион АҚШ долларына жетти. Еки мәмлекет басшылары тәрепинен бул көрсеткишти 1 миллиард долларға жеткериў мақсет етилгени шерикликтиң әҳмийетин және де арттырады. Саўда қатнасықларын және де раўажландырыў ушын онлайн платформалар жаратыў режелестирилген. Усылайынша экспортшы ҳәм импортшылардың қарым-қатнасы жеңиллесип, жаңа саўда бағдарлары ашылады.

Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылы Өзбекстан Пакистанға 124,7 мың тонна мийўе-овощ өнимлерин экспорт еткен. Бул өнимлердиң улыўма баҳасы 192,3 миллион АҚШ долларын қурады. Соның менен бирге, Пакистан 2024-жылдың Өзбекстан экспорт базарындағы ең әҳмийетли шериклеринен бирине айланып, саўда көлеми 300 миллион долларға жетти.

Саўда байланысларын және де беккемлеў мақсетинде «UzbekPak International Trading Centre» саўда үйи шөлкемлестирилди. Бул орай елимиз санаатының жетискенликлери, соның ишинде, ең сайланды тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери таныстырылатуғын майданшаға айланбақта. «Made in Pakistan» ҳәм «Made in Uzbekistan» көргизбелери де саўда ҳәм мәдений бирге ислесиў көлемин кеңейтпекте.

Инвестиция ушын перспективалы тараўлар

Өзбекстан инвестициялық орталық турақлылығы менен ажыралып турады. Пакистанлы инвесторлар тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм азық-аўқат санааты сыяқлы тараўларға кирип келиўи ушын үлкемизде кең имканият бар.

Ҳүкиметимиз ҳәр қыйлы тараўларда жойбарларды қоллап-қуўатлап, инвесторларға қолайлы шараят жаратпақта. Ҳәзирги процессте еки мәмлекет исбилерменлериниң В2В ушырасыўлары үлкен әҳмийетке ийе болып, жаңа инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўына тийкар таярламақта.

Транспорт-логистика тараўындағы инфраструктуралық жойбарлар

Өзбекстан ҳәм Пакистан транспорт-логистика бағдарындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтермекте. 2024-жылдың ноябрь айында Ташкент – Лаҳор жөнелиси бойынша тиккелей авиақатнаў жолға қойылды. Бул рейс ҳәр қыйлы тараўлардағы байланысларды күшейтиўге хызмет етпекте.

Ташкенттен Пакистанның екинши ири қаласы – Карачиға ҳаўа арқалы жол ашыў бойынша сөйлесиў даўам етпекте.

TCS компаниясы менен бирге Ташкент ҳәм Карачи арасында самолётта жүк тасыўды шөлкемлестириў режелестирилген. Бул жойбардың қурамы тез бузылатуғын азық-аўқат өнимлерин қысқа мүддетте жеткерип бериў имканиятын береди.

Логистика орайлары ҳәм инфраструктураны раўажландырыў

Термиз қаласындағы «Termez Cargo Center» логистика хабының имканиятын кеңейтиў және бир әҳмийетли жойбар болып есапланады. Аўғанстан ҳәм Пакистан арқалы товар жеткерип бериўде үлкен әҳмийетке ийе бул орай аймағында жаңа қоймаханалар қурыў, хызмет көрсетиў системасын жетилистириў нәзерде тутылған. «National Logistics Corporation» компаниясы менен усы базада жүкти сақлаў ҳәм қайта бөлистириў инфраструктурасын раўажландырыў бойынша келисимге қол қойылған. Жақын келешекте товарларды Орайлық Азия ҳәм Европа мәмлекетлерине транзитлеў процеси әдеўир әпиўайыласады.

Трансаўған транспорт коридорының әҳмийети

Трансаўған темир жолы Орайлық Азияны Қубла Азия менен байланыстырады. Соның ишинде, Өзбекстанға Пакистан теңиз портларына шығыў имканиятын жаратады. Нәтийжеде регионаллық саўда, экономикалық бирге ислесиў раўажланады. Темир жолдың узынлығы шама менен 760 километр болып, Термиз-Мозори-Шариф-Қабул-Пешовар бойлап өтеди. Жойбардың улыўма баҳасы 4,8 миллиард долларға баҳаланбақта.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигинен мәлим етиўинше, ҳәзир техникалық-экономикалық тийкарлар ислеп шығылмақта. Быйыл басланатуғын қурылыс жумыслары кеминде бес жыл даўам етеди.

Трансаўған темир жолы иске қосылғаннан соң, Пакистаннан Өзбекстанға жүк тасыў мүддети 35 күннен 3-5 күнге шекем қысқарады. Сондай-ақ, бир стандарт контейнерди тасыў баҳасы дерлик үш есеге арзанласыўы күтилмекте.

Қаржылай бирге ислесиў ҳәм өз-ара есап-санақты жетилистириў

Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы саўда көлемин арттырыў мақсетинде қаржылай қатнасықларды және де раўажландырыў, банклер аралық есап-санақты жетилистириў жумыслары алып барылмақта.

2025-жыл 5-январь күни Өзбекстанның Пакистандағы елшиси Әлийшер Тўхтаев Пакистан Мәмлекетлик банкиниң баслығы Жамил Аҳмад пенен ушырасты. Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме саўданы қоллап-қуўатлаў мақсетинде банклераралық төлемлерди жетилистириў мәселеси додаланды. Айырым коммерциялық банклер арасында белгили бир байланыслар болса да исбилерменлик субъектлери ҳәр қыйлы хызметлерден пайдаланбай атырғаны атап өтилди. Бул жағдайды таллаў зәрүр екенлиги айтылды.

Жамил Аҳмад Пакистанда сырт ел банклери ҳәм мәмлекетлер менен төлем еркин әмелге асырылатуғынын билдирди. Мәмлекет аймағында жумысын жолға қойыўды қәлеген өзбек банклерине дәслеп ўәкилхана ашыў, соң филиалды иске қосыў усыныс етилди. Ушырасыўда Пакистанның айырым мәмлекетлер менен бартер системасында ислеў принципи ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул система өз-ара саўданы жеңиллестириўде нәтийжели қурал болатуғыны атап өтилди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў

2023-жыл 5-январь күни Карачи қаласында «UzbekPak International Trading Centre» саўда үйи ҳәм «UzbekPak Cultural Centre» мәдений орайының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Өзбекстанның Пакистандағы елшиханасы ҳәм «Diners Group» компаниясы менен биргеликте шөлкемлестирилген мәресимде Карачи қаласының ири исбилерменлери, экспорт-импорт кәрханаларының басшылары, бизнес топарлары ҳәм туристлик компаниялардың басшылары қатнасты.

«Diners Group» басшысы Суҳайл Мотенниң атап өтиўинше, саўда үйи ҳәм мәдений орай регионаллық байланыслылықты қайта тиклеў, өз-ара саўда көлемин арттырыў ҳәм инвесторлар ушын зәрүр мағлыўматлар бериўге хызмет етеди.

Туризм ҳәм билимлендириўде алмасыў бағдарламалары

Өзбекстанда оқып атырған пакистанлы студентлердиң саны 2024-жылы 1 мың 300 ден асты. Бул көрсеткиш еки мәмлекет арасында билимлендириў алмасыўы раўажланып атырғанын көрсетеди. Тараўдағы бирге ислесиў көлемин және де кеңейтиў мақсетинде оқыў ҳәм изертлеў бағдарламалары енгизилмекте. Пакистанлы студентлер жоқары оқыў орынларымызда медицина, инженерлик ҳәм гуманитарлық бағдарлар бойынша оқыў имканиятына ийе.

Туристлик ағымды қоллап-қуўатлаў мақсетинде еки мәмлекет арасында виза тәртиби жеңиллестирилди. Өз-ара билимлендириў бағдарламалары шеңберинде Өзбекстан ҳәм Пакистан университетлери арасында бирге ислесиў меморандумларына қол қойылған.

– Өзбекстан Президентиниң басламасы менен пакистанлылар ушын виза рәсмийлестириў тәртиби әпиўайыластырылғаны, тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылып атырғаны жәмийетимиз ушын қуўанышлы ҳәдийсе сыпатында қайтадан тикленип атырған байланысларымызға жаңаша мазмун бағышлады,-дейди ҳүрметли консул Нажиб Воҳра. – Исбилерменлер ушын ўақыт ең баҳалы жемис, қайта тикленбес ресурс болып есапланады. Бизнес топар ўәкили сыпатында исеним менен айта аламан, ашылып атырған жаңа ҳаўа жоллары еки мәмлекет исбилерменлериниң баҳалы ўақтын үнемлеп, байланысларды жеделлестиреди ҳәм жаңа биргеликтеги жойбарларға тийкар жаратады.

Пакистан Өзбекстанды бәрқулла қоллап-қуўатлайды

Еки мәмлекет бир қатар халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер шеңберинде нәтийжели бирге ислесип келмекте, бир-бириниң дәрежелерин белсене қоллап-қуўатламақта. Бул бирге ислесиў, әсиресе, БМШ, ШБШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми сыяқлы бир қатар шөлкемлер шеңберинде еки мәмлекеттиң өз-ара пикир-басламаларын мақуллаў арқалы әмелге асырылып атырғаны дыққатқа ылайық. Пакистан Өзбекстанның ЖСШға қосылыў процесинде Өзбекстан тәрепинен алып барылып атырған реформалар, халықаралық саўда системасына интеграция бойынша мәмлекеттиң айрықша ҳәрекетлери тән алыныўын тастыйықлайды. Меморандумға Өзбекстан Президентиниң ЖСШ мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Азизбек Ўронов ҳәм Пакистанның ЖСШдағы турақлы ўәкили Али Сарфроз Ҳусенй қол қойды.

Мультимодал транспорт жолы

Өзбекстан, Беларусь, Россия, Қазақстан, Аўғанстан ҳәм Пакистан арқалы өтиўши мультимодал транспорт жолын жаратыў бойынша келисим 2024-жылы ратификацияланды. Бул жойбар арқалы жүк тасыў процеси аңсатласады, ўақыты қысқарады.

Оптимал транспорт жөнелислери

2025-жылға шекем Өзбекстан транспорт ҳәм логистика системасын раўажландырыў концепциясы шеңберинде төмендеги жөнелислер бойынша жумыс алып барыўды режелестирмекте:

Түркменстан – Иран – Түркия – Европа Аўқамы; Түркменстан – Әзербайжан – Грузия – Европа; Өзбекстан – Аўғанстан – Пакистан; Өзбекстан (Әндижан) – Қырғызстан (Ош, Иркештом) – Қытай (Қашкар).

Бул жөнелислер халықаралық саўда жолларын диверсификациялаў ҳәм транспорт-логистика имканиятын арттырыўға жәрдем береди.

Улыўмаластырып айтқанда, Өзбекстан ҳәм Пакистан арасындағы стратегиялық шерикликтиң беккемлениўи регионның турақлылығы ҳәм раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўына хызмет етеди.

Абдуазиз ХИДИРОВ, ӨзАның хабаршысы