Ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислер көрилди

225

Жынаят ислери бойынша Әмиўдәрья районлық судының тергеў судьясы Д.Юсупова тәрепинен судья жәрдемшиси Е.Жуманиязовтың хаткерлигинде  районлық ишки ислер бөлиминиң мәжилислер залында ашық көшпели суд мәжилиси өткерилди.

Онда ишки ислер бөлими тәрепинен усыныс етилген 27 шахстың қарсысына топланған 25 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы ислер көрип шығылды.

Усы ис материаллары ҳәр тәреплеме үйренилип, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 183-статьясы (майда бийзарылық)нда көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеген 3 шахстың ҳәр бирине 3 суткадан 7 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ, 3 шахсқа базалық есаплаў муғдарының 3 есеси муғдарында ҳәкимшилик жәрийма жазасы тайынланды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң 59-прим 2-статьясы (шаңарақлық (турмыслық) зорлық ислеў), 61-статьясы (аз муғдарда талан-тараж етиў ), 101-статьясы 1-бөлими (электр, ыссылық энергиясы, газден пайдаланыў қағыйдаларын бузыў), 189-статьясы (порнографиялық өнимди таярлаў, алып кириў, тарқатыў, реклама етиў, көрсетиў)нда нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықларды ислеген шахсларға топланған ис материаллары да көрип шығылып, оларға базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 20 есесине шекемги муғдарда ҳәкимшилик жәрийма жазасы тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги