Көпшиликке ибрат ҳәм ағартыўшылық мәканы

195

Бул жерден дерлик ҳәр күни өтемиз. Көбинесе хызмет бабында, гейде қәдирданларды жоқлап, ҳал-жағдай сораймыз, теберик орынларды зыярат етемиз. Ташкенттиң қақ жүрегинде қурылған Өзбекстан ислам цивилизациясы орайына тийисли саўлатлы комплекс ҳәр инсанның – мейли жерлеслеримиз, мейли дүньяның арғы мүйешинен келген турист болсын, ҳәммесиниң итибарына, ҳәўес етиўине, толқынланыўына себеп болып атырған бийтәкирар, шырайлы, уллы, пайызлы жер.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен бой көтерген бул комплекс тийкарынан мәмлекет басшысының халықшыл, жақсылық ҳәм саўап, ибрат пенен суўғарылған басламасының жемиси. Себеби, әзелден халқымыздың қәлбинде ислам ағартыўшылығы жасап келген. Бул жақтылық нуры ең аўыр шараятларда да адамлардың ой-санасын, жүрегин ҳасла тәрк етпеген. Ҳәттеки бурынғы аўқам дәўиринде де ҳадал ийман-исеним, ислам нуры ата-бабаларымызға ҳәмийше жолдас болған.

Үйлердиң төринде қәстерлеп сақланған Қураны Кәрим, дастурхан басындағы пәтиялар, саўаплы дәстүрлер, жумыслардың даўамлылығы буның айқын дәлийли болып табылады. Аналарымыз өмириниң паянында да муқаддес китапларды оқыўға кирискен.  Өйткени, Аят кәлиймаларындағы кәраматлы қатарлар ҳәр қандай ғам-қайғыға, тәшиўишке толы кеўиллерге қәтержамлық, тынышлық бағышлайды. Айтпақшы болғанымыз, исламның өмир бағышлайтуғын қуўатынан, нурынан хабардан болыў бизлерди бир сәтке болса да, сирә тәрк етпеген.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың идеясы ҳәм басламасы тийкарында буннан бир неше жыллар бурын ирге тасы қаланған Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы тек ғана уллы ата-бабаларымыздың мийрасы менен мақтаныў емес, ал раўажланыўға бет бурған жаңа Өзбекстанымызда Үшинши Ренессанс тийкарларын қурыўдай ийгиликли мақсетлерди гөзлеўи менен қәдирли.

Үш қабатлы, оғада көркем бул имарат толық қурылғаны менен бирге, ондағы илимий-ағартыўшылық контентлер, экспозиция нағысланып, ҳәр тәреплеме терең илимий-фундаментал тийкарда қәлиплестирилгенин айтыў керек. Бул жерде “Исламнан бурынгы цивилизациялар”, “Биринши Ренессанс дәўири”, “Екинши Ренессанс дәўири”, “Өзбекстан ХХ әсирде”, “Жаңа Өзбекстан – жаңа Ренессанс” сыяқлы бөлимлер шөлкемлестириледи.

2024-жылы елимизде болып өткен халықаралық форумлар, әнжуманлар, Мәдений мийрас ҳәптеликлери, сөйлесиўлер, мәсләҳәтлесиўлер  комплекс фондын ҳәр тәреплеме, тийкарлы, қызықлы жетик-пуқта жаратыў ушын жақсы тийкар болды.

Мәмлекетимиздиң дин тараўы билимданлары, илимпазлар, уламалар, тарийхшылар, реставраторлар, музейтаныўшылылар, китапханашылар, баспа хызметкерлери ҳәм каллиграфлар, дизайнерлер, деректаныўшылар, санлы технологиялардың билимданлары, художниклер, шебер уста ҳәм өнерментлер, инженерлер бундай ийгиликли иске өз идея ҳәм усыныслары, пикирлери, дөретиўшилик жойбарлары менен мүнәсип үлес қосты.

Ҳәзирги ўақытта елимиздиң илимпазлары менен бирге, ең жетекши мәмлекетлердиң илимпазлары ҳәм қәнигелери, ири университетлер, музей ҳәм китапханалардың, илимий орайлардың ўәкиллери мәмлекетимиз басшысының Өзбекстан ислам цивилизациясы орайы илимий экспозициясының концепциясын жаратыўға байланыслы басламасы әтирапында жедел бирлести.

Бул комплексти халқымызға толық усыныў идеясы Президентимизди турақлы ойландырып, оның турмысқа енгизилиўи жолында турақлы әмелий ғамқорлық ҳәм  итибар көрсетип атырғаны елимизде халықтың ағартыўшылығы, руўхый раўажланыў мәселелери ҳәр қандай тараўлардан үстин, әҳмийетли екенин көрсетпекте.

Мәмлекетимиз басшысының 29-январь күни үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын жойбар – Ислам цивилизациясы орайында алып барылып атырған жумыслар менен танысыўы ўақтында елимизде ислам мәденияты менен байланыслы ески тарийх бир жерде – Өзбекстан ислам цивилизациясы орайында жәмлесетуғынын айрықша атап өтти.

Бул теберик комплекс жаңа Өзбекстанның уллы дөретиўшилик нышаны, бийтәкирар руўхый-ағартыўшылық мийрасымыз, бай тарийхымыз, келешекке умтылып атырған ана Ўатанымыздың өзине тән айнасына айланатуғынына гүман жоқ.

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы