Өзбекстан, Түркия, ҳәм Әзербайжан СИМ басшылары Анкарада ушырасты

392

Анкарада Түркия – Өзбекстан – Әзербайжан үш тәреплеме механизм шеңберинде 2-ушырасыў болып өтти. Илажда сыртқы ислер, саўда-экономика ҳәм транспорт министрлери қатнасты.

Әзербайжан сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов Орта коридорды раўажландырыў арқалы бирге ислесиў ушын қосымша имканиятларға ийе болыў мүмкинлиги ҳаққында сөз етти. Сондай-ақ, және де кеңирек регион, атап айтқанда Жақын Шығыс ҳәм Аўғанстанда  тынышлық, қәўипсизлик ҳәм раўажланыўды қоллап-қуўатлаў ушын  бар имканияттан пайдаланыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Түркия СИМ басшысы Хоқон Фидан шерикликти беккемлеў ушын  жол картасы таярланып атырғанын мәлим етти.

Сол күни Президент Режеп Таййип Эрдоған Өзбекстан ҳәм Әзербайжан сыртқы ислер  министрлери Бахтиёр Саидов ҳәм Жайхун Байрамовти қабыл етти.

Ушырасыўда экономика, саўда ҳәм транспорт министрлери де қатнасқан.

Сыртқы сиясат уйымлары басшыларының шығып сөйлеўи даўамында төмендеги мәселелери додаланды:

Энергетика тараўында биргеликтеги жойбарлар;

Қабыл етилген «Жол картасы» тийкарында транспорт тараўында үш мәмлекеттиң қатнасыўында бир қатар биргеликтеги басламалар;

Орта коридор Азия ҳәм Европа арасындағы  саўданың ең исенимли ҳәм экономикалық коридоры сыпатында;

Сирияның турақлылығы ҳәм раўажланыўы регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизлик гиреўи болып, логистика, транспорт, саўда ҳәм энергетика тараўларында жаңа имканиятлар ашады;

Үш тәреплеме механизмдиң үшинши мәжилиси Бакуде болып өтеди.

Мәмлекетимиз ўәкили Б.Саидов төмендеги усынысларды билдирди:

Транс Аўған темир жолы глобал тәмийнат шынжырының бир бөлегине айланады;

Үш мәмлекет арасындағы бирге ислесиў жаңа транспорт жолларының жаратылыўына хызмет етеди.

Ушырасыў жуўмағында қол қойылған Анкара декларациясы, соның ишинде, төмендегилерди  нәзерде тутады:

Экономика, саўда, инвестиция, логистика, инфраструктура, санластырыў, қоршаған-орталық ҳәм климат өзгериўи сыяқлы әҳмийетли тараўларда толық потенциалды ашыў миннетлемеси;

Орта коридордың нәтийжелилиги ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыўға шақырыў; Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеўдиң  тийкарғы факторы есапланған Аўғанстан қәўипсизлиги ҳәм раўажланыўына ТМШ шеңберинде бирден-бир  процесс әҳмийетли екенлигин атап өтиў;

Газа секторында өқ атыўды тоқтатыў ҳаққындағы дағазаны алғыслап, келисимге әмел етилиўин  талап етиў.

С.Раҳимов, ӨзА