Өзбекстан пуқаралары Әзербайжанға «қызыл паспортсыз» кириўи мүмкин болады

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан пуқараларына сырт елге шығыў паспортын алмастан турып шегараны кесип өтиў имканиятын беретуғын ID –карталарды өз-ара тән алыў мәселесин додалады. Бул ҳаққында «Дунё» мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Оған бола, Өзбекстан елшиханасының жәрдеминде Өзбекстан ҳәм Әзербайжанның тийисли министрлик ҳәм уйымларының ўәкиллери арасында еки мәмлекет пуқараларының ID-карталарын шегарадан өтиў ушын рәсмий ҳүжжет сыпатында тән алыў имканиятын додалаўға бағышланған онлайн ушырасыў шөлкемлестирилген.
Тәреплер пуқаралардың ҳәрекетин әпиўайыластырыў, еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеў ҳәм миграция сиясаты тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бул қәдем үлкен әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.
Буннан тысқары, ID-карталардан пайдаланыў Өзбекстан ҳәм Әзербайжан пуқараларына сырт ел паспортын алмай турып шегараны кесип өтиў имканиятын береди. бул Болса саяхат етиў қолайлығын арттырады ҳәм мәмлекетлер арасындағы интеграцияны беккемлейди.
«Усы қарардың қабыл етилиўи Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы саўда-экономикалық, мәдений ҳәм туристлик қатнасықларды раўажландырыўға унамлы тәсир көрсетиўи күтилмекте», – делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги