Мақсет – пуқаралардың аўырын жеңил етиў

Елимизде “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында халқымыздың абадан турмыста жасаўы ушын кең көлемли реформалар әмелге асырылып, нәтийжеде миллий мәмлекетшилигимиздиң тийкары беккемленип, ҳәр бир пуқара ҳәм шаңарақтың абаданлығы, нызам үстинлиги, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳәм мәплери тәмийинленбекте.
Халқымыздың әдил судлаўға болған исенимин беккемлеў, оларды суд-ҳуқық мәселесинде қыйнап жүрген машқалаларға әдил шешим табыў мақсетинде орынларда суд басшылары тәрепинен көшпели қабыллаўлар даўам етпекте.
Мақсет – пуқаралардың аўырын жеңил етиў, ўақтын үнемлеў, ең баслысы есик қағып судпа-суд әўере болып жүриўиниң алдын алыў.
Қоңырат районлар аралық экономикалық суды баслығы Қ.Хожамуратов ҳәм Пуқаралық ислер бойынша Қоңырат районлар аралық судының баслығы Е.Ешмуратовлар тәрепинен Қанлыкөл районындағы Сары алтын аўыл пуқаралар жыйыны турғынлары ушын көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди.
Онда аймақ турғынлары коммунал хызметлер бойынша белгиленген жәрийма муғдарын азайтыў, некеден ажырасыў, алимент өндириў, турақ жайға ийелик ҳуқықын белгилеўге байланыслы мәселелерде мүрәжат етти.
Ҳәр бир мүрәжат дыққат пенен тыңланды. Себеби, судқа байланыслы мүрәжатлер мүддет ҳәм ўақыт талап ететуғын болғанлықтан сол күнниң өзинде шешилмеўи мүмкин, бирақ олар қатаң суд басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды. Шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүрәжатлердиң нызамлы шешим табыўы бойынша көрсетпелер ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.




Суд басшылары тәрепинен бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги