Миллий қәдириятлар ҳаққында пикир алысты

236

Өзбекстан Мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында “Депутат ҳәм жаслар” атамасында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Шаҳноза Жолдасова, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ўәкиллери ҳәм филиалдың белсенди студент-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳәм оннан келип шығып әмелге асырылатуғын жумыслар, сондай-ақ, соңғы ўақытларда мәмлекетимизде қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың жаслар турмысында тутқан орны, әҳмийети ҳаққында кең мағлыўматлар берилди.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Ш.Жолдасова жаслар арасында миллий қәдириятлар, өзлигимиз ҳәм мақтанышымыз, Ўатанға садықлық түсиниклерин үгит-нәсиятлаў – партияның тийкарғы ўазыйпаларының бири екенлигин атап өтти.

Илаж даўамында депутат филиалдағы студент-жаслар ушын жаратылған шараятлар менен танысып, жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги