Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы Өзбекстанда өткериледи

Усы абырайлы әнжуман тек Өзбекстан да емес, ал Орайлық Азияда биринши мәрте өткерилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң усынысына бола, Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясы 2025-жыл 5-9-апрель күнлери Өзбекстанда болып өтеди.
Бизге белгили, 190ға шамалас мәмлекет парламентин бирлестирип киятырған Парламентлераралық аўқам ассамблеясы жылына еки мәрте өткериледи. Бул илаж тек парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыўдың унамлы тәжирийбеси жоқары болған мәмлекетлерде ғана өткериледи.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде усы абырайлы әнжуманға таярлық жумыслары даўам етпекте.
Олий Мажлис Сенатында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей Ассамблеясын өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң мәжилиси болып өтти.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте депутатлар, сенаторлар, ҳүкимет ўәкиллери, министрлик ҳәм уйымлар, Ташкент қаласы ҳәкимлиги басшылары ҳәм шөлкемлестириў комитетиниң басқа да ағзалары қатнасты.

Мәжилисте Өзбекстанның Парламентлераралық аўқамға ағзалығы 2017-жылы қайта тикленгени атап өтилди. Өткен қысқа дәўир ишинде мәмлекетимиз парламентаризм ҳәм турақлы раўажланыў тараўында оғада үлкен тәжирийбеге еристи. Республикамыздың табыслары ири халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер тәрепинен айрықша атап өтилмекте.
Парламентлераралық аўқамның 150-Ассамблеясының Өзбекстанда болып өтиўи тарийхый ўақыя болып есапланады, себеби бундай илаж Орайлық Азия регионында биринши мәрте өткерилмекте.
Мәжилисте Өзбекстанда болып өтетуғын усы Ассамблеяның тийкарғы темасы «Социаллық раўажланыў ҳәм әдиллик ушын парламент ҳәрекети» деп аталғаны, оның шеңберинде пүткил дүнья парламентлери халықты социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў, ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өз тәжирийбелери менен ортақласады.
Сондай-ақ, бир ҳәпте даўамында Парламентлераралық аўқамның комитетлери тәрепинен инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў, илим ҳәм технология, жаслар мәселелерине бағышланған түрли илажлардың шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Өз гезегинде, Сенат Баслығы усы тарийхый ҳәм абырайлы әнжуманда барлық бирдей белсенди болыўы керек екенлиги ҳәм оны жоқары түрде шөлкемлестириў бойынша бир қатар ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Н.Абдураимова, ӨзА