Айырым түрдеги дәрилер импортына бажыхана бажылары енгизиледи

263

Усы жыл 28-январьдағы ПП-13-санлы пәрман менен Президенттиң 2018-жыл 29-июньдағы ПҚ-3818-санлы қарарына өзгерис киргизилди.

Оған бола, 3004 (товардың сыртқы экономикалық жумысын товарлар номенклатурасы бойынша коды) позициясындағы товарлар ушын 2 процент муғдарында бажы енгизиў белгиленди. Әмелде бул 0 процент дәрежесинде еди.

Бул категорияға терапевтлик яки профилактикалық мақсетлерде пайдаланыў ушын аралас яки араласпаған өнимлерден қуралған, дозаланған дәри түринде қадақланған (соның ишинде трансдермал системалар усылындағы дәри қураллары) яки усақлап сатыў ушын усыл яки қадақланған дәри қураллары киреди. Буған 3002, 3005 яки 3006 товар позициялары товарлары кирмейди.

Товарларды сыпатлаў ҳәм кодлаўдың үйлесикли системасына («HS Code») бола, 3004 кодына кириўши препаратлар сыпатында төмендегилер нәзерде тутылады:

-таяр усылдағы антибиотиклер;

– аўырыў қалдырыўшы ҳәм зақымланыўға қарсы дәрилер;

-вирусқа қарсы препаратлар;

-гормонал дәри қураллары;

-кардиологиялық препаратлар;

– қантлы диабетке қарсы дәрилер;

– антигистамин препаратлар;

-исикке қарсы қураллар;

-дәри қураллары статусына ийе витаминлер ҳәм биологиялық қосымшалар. 3004 кодына кирмейтуғын препаратлар:

– сары суў, вакциналар ҳәм қан препаратлары (3002)

-дәри пластирлери ҳәм байлаўшы материаллар (3005);

-контраст элементлер ҳәм диагностикалық реактивлер (3006).

Бунда 3004 ақырғы тутыныўшыға мөлшерленген дәри қуралларын бажыхана рәсмийлестириўинен өткериўде қолланылады (3003 коды астында жүргизилетуғын фармацевтикалық субстанциялардан өзгеше түрде.)-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги