Президент нәзерине түскен Генжемурат бағман

Бүгин Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген дийқаншылық жерлеринде дәраматлы егинлер жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерилди.
Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы тәжирийбели дийқанлар ҳәм қыйтақ жер ийелери менен сөйлести. Онда қыйтақ жериндеги ыссыханада жылына 4 мәрте өним жетистирип, жоқары дәрамат алып атырған қарақалпақстанлы Генжемурат Турдымуратов «Дўстлик» ордени менен сыйлықланды.
Мен Генжемуратты 25 жылдан бери таныйман. Қараөзектиң Мәденият елатында туўылып, камалға келген ол, 1997-1999-жыллары Армия қатарында жигитлик ўазыйпасын өтеп қайтқаннан соң, 2000-2003-жыллары Нөкис автомобиль жоллары колледжинде тәлим алды.
Соңынан ақмаңғытлы Гүлнара менен турмыс қурып, бала-шағалы болғаннан соң, хожалық бағыў ҳәм өз алдына отаў тигиў ушын бир неше жыллар даўамында Қазақстан ҳәм Россия Федерацияларында жумыс ислеп қайтты. Бурыннан таныйтуғын достымыз болғанлықтан оның менен жийи-жийи ушырасып, гүрриңлесемиз. Генжемурат усындай пайытлары өзиниң гербиш заводларда, ҳәр қыйлы ыссыханларда жумыс ислеп, өнер үйренип атырғанын айтқан гезлери, оған табыслар тилейтуғын едим.
Ол сырт еллерде үйренген тәжирийбелерин турмысқа енгизип, 2021-жылдан берли, үй алды егислик жерине ыссыхана қурып, онда палыз өнимлерин жетистирип киятыр.
-Дийқаншылыққа бурыннан қызығып, аўылда егислик жерлерге егин егетуғын едим,-дейди ол.-2021-жылы үй алды қыйтақ жерине ыссыхана қурыў бойынша усынысымды аймақтағы ҳәким жәрдемшиси Зийўар Жақсымоваға билдиргенимде, ол мениң бул басламамды қоллап-қуўатлап, жумыс баслаўым ушын «Халық банк»тиң районлық филиалынан 15 млн сум жеңиллетилген кредит алыўыма жәрдемлести. Буның нәтийжесинде үй алдына 1,5 сотыхлы ыссыхана қурдым. Нәтийжеси жаман емес. 2022-жылы банктен алған кредитимди толық төлеп қутылдым ҳәм және бир мәрте усы банктен тағы бир ыссыхана ҳәм керекли әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын 33 млн сум жеңиллетилген кредит алдым.
Ҳәр жыл сайын ыссыханларда помидор, қыяр, клубника ҳәм басқа да овощ-палыз өнимлерин жетистирип, оннан 100 миллион сумнан аслам дәрамат алып келмектемен.


Мине бүгин Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселекторда мени «Дўстлик» ордени менен сыйлықлады. Буның ушын Журтбасшымызға, республикамыз басшыларына өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен ҳәм өзиме билдирилген исенимди толық ақлайман.

Генжемурат Турдымуратов 24 сотых қыйтақ жериниң 8 сотыхына ыссыхана қурып, қалған жерлеринде мийўе, овощ-палыз дақылларын егип, оннан мол зүрәәт жетистирип келмекте. Соның менен бирге, ол өз үйинен «жас ыссыханшылар мектеби»н ашып, онда усы тараўға қызығыўшылығы бар аўылласларына өзиниң ийелеген билим ҳәм тәжирийбелерин үйретип келмекте.
-Жасларға теориялық билимлер менен бирге, үй алды ыссыханамызда әмелий сабақлар берип атырман,-дейди Генжемурат өз сөз даўам етип.-Буның нәтийжесинде соңғы жыллары аўылымызда ыссыхана менен шуғылланыўшы жаслар көбеймекте. Бул болса, мени және де алға қарай умтылдырады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы