Ҳуқықбузарлықлар раўажланыўға кери тәсир етеди

305

Шоманай районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде  жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша түсиниклер берип барыў мақсетинде “Ҳәкимшилик жаза ҳәм оның түрлери” атамасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Жынаят ислери бойынша Шоманай районы судының баслығы М.Байниязов, профилактика-инспекторлары ҳәм усы мектепте билим алып атырған питкериўши класс оқыўшылары қатнасты.

Суд баслығы тәрепинен оқыўшы жасларға ҳәр қандай жәмийеттиң турақлы раўажланыўында, әсиресе, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықты беккемлеў, адамлар арасында өз-ара татыў турмысты тәмийинлеўде нызам үстинлиги ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў айрықша әҳмийетке ийе екенлиги түсиндирилди. Себеби, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар тек ғана жәмийеттиң барлық тараўларына унамсыз тәсир етип қоймастан, ал адамлардың өз-ара қатнасықларын бузады. Сонлықтанда, аймақларда тәртип-интизам ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў ушын жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыўға қаратылған комплексли илажлар системасы ислеп шығылған. Бунда әсиресе, орынларда тийисли тараў қәнигелери менен биргеликте турақлы түрде өткерилип атырған усы мазмундағы илажлар да айрықша орын тутады.

Буннан соң, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар, оның түрлери ҳәм жаза тайынлаў тийкарлары ҳаққында да кең түрде мағлыўмат берилди.

Ушырасыў даўамында оқыўшылар тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги