Салық кодексине киргизилген өзгерислер бойынша семинар шөлкемлестирилди

303

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Салық кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм 2025-жылы салық сиясатындағы жаңалықларды исбилерменлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшиликке түсиндириў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Халмурза Бекчанов, Саўда-санаат палатасының баслығы Казбек Артиков, тараў қәнигелери, исбилерменлер ҳәм халық ўәкиллери қатнасты.

Семинарда «Салық ҳәм бюджет сиясатының 2025-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарлары қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы менен салық системасына киргизилген әҳмийетли жаңалықлар бойынша толық мәлимлеме берилди.

Исбилерменлик субъектлерине және де қосымша қолайлықлар жаратыў, экономикалық белсендиликти арттырыў ҳәм салықлардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде Салық кодексиниң 37 статьясына, соның менен бирге, Бюджет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилген.

Соның ишинде, мәмлекетлик емес мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў шөлкемлери 2030-жыл 1-январьға шекем социаллық салықтан тысқары барлық түрдеги салықлардан азат етиледи.

IT секторын раўажландырыўға қосымша имканиятлар жаратылды. Яғный IT-парк резидентлерине қосымша қун салығынан тысқары барлық салықларды төлеўден азат етиў жеңиллиги 2040-жылға шекем созылды.

Жаратылып атырған бундай имканиятлар исбилерменлер ушын қолайлы орталық жаратыўы арқалы халықтың абаданлығын арттырыўға мүмкиншилик туўдырады.

Семинарда исбилерменлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшилик усы бағдарлар бойынша пикирлерин билдирип, сораўларына толық жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги