Халықтың саламатлығын сақлаў –депутат итибарында

254

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Н.Рашидованың республикамызда  сайлаўшылар менен ушырасыўлары болып өтпекте.

Депутат Республика қәнигелестирилген  онкология ҳәм радиология илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалында болып, медицина мәкемесиниң хызмети менен жақыннан  танысты.

Быйылғы жылы  Өзбекстан «Адолат» СДП Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы  фракциясы ағзалары социаллық тараўдың раўажланыўы менен байланыслы усынысларды алға қойыўға қаратылған анық басламаларды әмелге асырыўды мақсет еткен.

Солардың қатарында Аралбойы  аймағында жасаўшы халықтың арасында өспе кеселликлериниң алдын алыў ҳәм кеселликти ерте анықлаў –селектив скрининг  профилактика хызметин  шөлкемлестириў бойынша усыныс таярлаў мәселеси үлкен әҳмийетке ийе.

Депутат үйрениў жумыслары даўамында онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм ерте анықлаў бойынша тараў қәнигелериниң пикир-усынысларын тыңлап бул жумысларды және де жетилистириў зәрүрлигин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги