Тил тазалығын сақлаўымыз керек

Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти баслығы тәрепинен усы жылдың 15-январында өткерилген мәжилисте берилген тапсырмаларға муўапық, орынларда дүзилген жумысшы топарлар реклама жазыўларының дурыслығын үйренбекте.
2025-жылға мөлшерленген илажлар режесинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Кегейли районында дүзилген жумысшы топар ҳәм ӨзЛиДеП депутатлар топары тәрепинен баннер ислеп шығаратуғын исбилерменлик субъектлери ҳәм сыртқы реклама жазыўлары үйренилди.
Илаж даўамында Кегейли районындағы баннер ислеп шығаратуғын “Kegeyli banner”, “ASA PRINT NUKUS” исбилерменлик субъектлери менен сәўбетлесиў алып барылды.
Бул исбилерменлер менен баннер шығарыўда мәмлекетлик тилде жазыў кереке екенлиги ҳәм имла қәтелерисиз латын әлипбесинде жазылыўы, сондай-ақ, нызам талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў кереклиги бойынша түсиник жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги