Мийўе ағашларын бәҳәрги гүллеў алдынан таярлаўымыз керек

248

Әмиўдәрья районындағы санатория бағында Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң бас қәнигеси Б.Ахметов, тараў қәнигелери ҳәм фермер хожалықлары басшыларының қатнасыўында көргизбели семинар болып өтти.

Семинар даўамында Агросанаатты раўажландырыў агентлигиниң райондағы қәнигелериниң көрсетпелерине муўапық, мийўели бағларды қайта ислеў ҳәм агротехникалық илажлар шеңберинде ең әҳмийетли орынланатуғын жумыслар атап өтилди.

Атап айтқанда, мийўели тереклерге дурыс қайта ислеў – тереклердиң өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардың жақсы раўажланыўын тәмийинлеў мақсетинде шақаларын қалай қәлиплестириў керек екенлиги, заманагөй агротехникалық усылларды қолланыў – суўды үнемлеўши технологиялар, топырақ өнимдарлығын сақлаў ҳәм жақсылаў бойынша инновациялық қатнаслар, зыянкеслерге қарсы гүресиў – экологиялық таза ҳәм нәтийжели қорғаў илажлары, биологиялық ҳәм химиялық усыллардан ақылға уғрас пайдаланыў мәселелери, топырақтың өнимдарлығын арттырыў – топырақтың қурамын жақсылаў ушын төгин бериў усыллары, органикалық ҳәм минерал төгинлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша мәсләҳәтлер берилди.

Семинардың әмелий бөлими даўамында фермерлер ҳәм қәнигелер өз тәжирийбелери менен ортақласып, бағшылықты раўажландырыў бағдарында пикир алысты.

Бул илаж бағшылық пенен шуғылланып атырған фермерлер ушын әҳмийетли тәжирийбе майданы болып, заманагөй агротехнологияларды әмелиятқа енгизиўде әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Илажда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги