Қазақстан темир жол арқалы бензин ҳәм дизель жанылғысы экспортын шекледи

205

Қазақстан Энергетика, Қаржы ҳәм Ишки ислер министрликлериниң Миллий қәўипсизлик комитети биргеликтеги буйрығы тийкарында ишки базарда пайда болған жетиспеўшиликтиң алдын алыў мақсетинде темир жол арқалы бензин ҳәм дизель жанылғысын басқа мәмлекетлер, соның ишинде Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлерине экспорт етиўди қадаған етти.

Усы мүнәсибет пенен жәрияланған ҳүжжетте атап өтилгениндей, қадаған етиў 29-январьдан енгизиледи ҳәм 29-мартқа шекем әмел етеди. Нызамға муўапық, алдыннан режелестирилген жеткерип бериў, сондай-ақ, гуманитарлық жәрдем ямаса айрықша жағдайды сапластырыў ушын мөлшерленген жанылғыға қарағанда басқаша жағдайы қолланылыў тәртиби сақланып қалған.

2024-жылы сентябрь айының ақырында автотранспорт қуралларының бакиндеги муғдардан тысқары бензин ҳәм дизель жанылғысын республикадан алып шығыў алты ай мүддетке қадаған етилген еди. Бул қарар март айының ақырына шекем әмел етеди.

Ҳүкимет 2025-жылы жанылғы қуйыў шақапшаларында алдын тәртипке салынған баҳаны еркинлестире баслады. Энергетика министрлиги буйрығы жойбары ҳәм усы ҳүжжет қосымшасында қоңсы мәмлекетлерде бензин ҳәм дизель жанылғысы салыстырмалы қымбат екенлиги себепли, өнимниң мәмлекеттен нызамсыз шығып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде, тийисли қарар күшке киретуғыны көрсетилди. Буннан тысқары баҳаны қадағалаў жанылғы ислеп шығарыўшыларға өндирис қуўатлылығын модернизациялаў ушын жетерли дәрамат алыў имканиятын бермейди.

28-январь күни усы мәселеде болып өткен баспасөз әнжуманында энергетика министри Алмасадам Саткалиев баҳаны тәртипке салыў бийкар етилиўи мүнәсибети менен февраль айында жанылғы қуйыў шақапшаларында усақлап сатыў баҳасының артыўы мүмкинлигин мәлим етти. Ол ҳүкимет баҳасы кескин артыўына жол қоймайтуғынын атап өтип, баҳа ҳеш болмағанда Россия менен теңлесиўи күтилип атырғанын айтты.

С.Раҳимов, ӨзА