Хожалықларға қанша тонна газ берилген?

Бүгинги күнде “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен жеке хожалықларды суйылттырылған газ бенен тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша ҳәзирги күнде 99 мың 590 жеке хожалық ҳәм 121 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери суйылттырылған газден пайдаланыўға бейимлестирилген.
Бул көрсеткиш улыўма хожалық санының 31 процентин қурайды. Усы суйылттырылған газден пайдаланыўшыларды өз ўақтында газ баллонлар менен тәмийинлеп барыў ушын бир орында Нөкис суйылтырылған газ толтырыў станциясы, сондай-ақ, төрт орында – Әмиўдәрья, Беруний, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында газ толтырыў шақапшалары ислеп турыпты.
Нөкис газ толтырыў станциясы арқалы тийкарынан Тақыятас, Хожели, Кегейли, Бозатаў ҳәм Нөкис районларындағы тутыныўшыларға хызмет көрсетиледи.

Өткен 2024-жыл даўамында Нөкис суйылттырылған газ толтырыў станциясы арқалы тутыныўшыларға 16 мың 521 тонна суйылттырылған газ жеткерип берилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги