Монголия делегациясы Өзбекстанның энергетика тараўы бойынша тәжирийбесин үйренди

279

Өзбекстан Республикасы Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлигинде Монголия делегациясы менен ушырасыў болып өтти.

Онда тәреплер кейинги жылларда тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, атап айтқанда, электр энергетикасы тармағын тәртипке салыў, базар механизмлерин енгизиў ҳәм тараўға жеке меншик секторды тартыў мәселелерин  додалады.

Сондай-ақ, ушырасыўда агентлик директоры Шерзод Хўжаев Өзбекстанда энергетика  базарын либералластырыў ҳәм тараўға жеке меншик инвестицияларды тартыў бойынша әмелге  асырылып атырған реформалар ҳаққында  мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Монголия делегациясының сапары ЕРТБ жәрдеминде шөлкемлестирилди. Буннан гөзленген мақсет болса қайта тикленетуғын энергетикаға инвестиция киргизиў ҳәм тендерлер өткериў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин үйрениўден ибарат болып есапланады.

Сөйлесиў ўақтында Монголия тәрепи Өзбекстанда энергетика тараўында әмелге  асырылып атырған реформалар  мәмлекет ушын әҳмийетли  екенин атап өтип, тәжирийбе алмасыўды даўам еттириўге таяр екенлигин  билдирди.

Ушырасыў  жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА