Этил спирти ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў тәртиби белгиленди

Ҳүкиметтиң усы жыл 29-январьдағы тийисли қарары менен «Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, ыдысларға қуйыў, сақлаў ҳәм көтере сатыўды есапқа алыў ҳәм қадағалаў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды.
Усы Режеге тийкарланып, ислеп шығарылған тутыныў ҳәм техникалық этил спирти ҳәм алкоголь өнимлерин есапқа алыў, тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин сақлаў, тасыў ҳәм көтере сатыў есабын жүргизиў, тутыныў ҳәм техникалық этил спирти ҳәм алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў, қуйыў, сақлаў ҳәм көтере сатыўды қадағалаў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.
Реже талаплары төмендегилерге енгизиледи:
– тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын Өзбекстан резидентлери есапланған юридикалық тәреплерге;
– тутыныў ҳәм техникалықа этил спирти ҳәм алкоголь өнимлери ушын техникалықалық регламентте нәзерде тутылған өнимлерге.
Алкоголь өнимлерин сырт елде ислеп шығарылған тутыныў этил спирти ҳәм техникалық этил спиртинен пайдаланған ҳалда ислеп шығарыў қадаған етиледи.
Алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўшы субъектлер (кәрханалар) өндиристиң барлық басқышларында техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы нормативлик ҳүжжетлерге муўапық микробиологиялық, физикалық-химиялық ҳәм технологиялық қадағалаўды әмелге асырыўы шәрт.
Тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң есабын жүргизиў өним ислеп шығарыў ушын зәрүр болған тийкарғы шийки затлардың кирисинен баслап, таяр өнимлерди сақлаў қоймаханаларына жайластырыў ҳәм реализация лаў процесслерин қамтып алыўы зәрүр.
Муҳайё Тошқороева, ӨзА