Ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликтиң үлгиси көрсетилди

248

Президент Шавкат Мирзиёев  30-январь күни Ташкент қаласындағы Ислам Кәримовтың естелигине гүлшеңбер қойды.


Мәресимге Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы ҳәм ҳүкимет ўәкиллери, зыялылар, қала жәмийетшилиги топланды.

Бул ел-журтқа хызмет умытылмайтуғынан, ҳәмийше улығланатуғынынан дерек береди. Шавкат Мирзиёевтиң итибары менен Биринши Президентимиздиң естелиги мәңгилестирилди, ол инсан туўылған 30-январь сәнеси ҳәр жылы белгиленетуғын болды. Ташкентте илимий-ағартыўшылық естелик комплекси шөлкемлестирилди. Самарқандқа сапары ўақтында Ислам Кәримовтың мақбарасын зыярат етиў жақсы дәстүрге айланды.

Бул кейинги әўладлар ушын да өрнек ҳәм үлги болып табылады. Мәресимде әне, усындай ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликтиң үлгиси көрсетилди. Қуран аятлары оқылып, пәтия етилди. Биринши Президентимиздиң халықтың мәплери жолында ислеген ислери, пазыйлетлери еске алынды.

Усындай илаж Самарқанд ҳәм Қаршы қаласында да өткерилди.

ӨзА