Аҳмад Аш-Шараъ – Сирия Президенти

377

«SANA» агентлигиниң хабар бериўинше, Сирияның  ўақытша ҳүкимети ҳәкимшилигиниң басшысы Аҳмад Аш-Шараъ рәсмий түрде мәмлекеттиң өтиў дәўириндеги жетекшисине айланды. Жаңа Ҳүкимет мәмлекеттиң конституциясы бийкар етилиўи, сондай-ақ, барлық қәўипсизлик күшлери ҳәм қураллы структуралар  тарқатып жиберилип, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлейтуғын жаңа структура пайда болатуғынын жәриялады.

– Ҳәзир ҳәкимияттағы бослықты толықтырыў, пуқаралардың тынышлығын сақлаў, мәмлекеттиң институтларын дүзиў, мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўы ушын тийкар жаратыў, елдиң халықаралық ҳәм регионаллық статусын тиклеў тийкарғы есапланады, – деди жаңа Президент.

8-декабрь «Уллы Сирия кризиси» жеңиси күни сыпатында белгиленетуғын болды.

Буннан тысқары мәмлекетте 61 жыл  ҳүкимдарлық еткен «Баас» партиясы  тарқатып жибериледи  ҳәм басқа атама астында қайта жумыс ислеўи де қадаған етиледи.

ӨзА