Жаңа китапты таныстырыў кешеси өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Россия Федерациясының Москва қаласы «Ладомир» илимий-баспахана орайында рус тилинде басып шығарылған «Антология каракалпакской поэзии» («Қарақалпақ поэзиясының антологиясы») топламының биринши томының таныстырыў кешеси болып өтти.
Илажға Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Каримов, институттың түркий тиллер факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм әдебиятқа айрықша ықлас қойған студент-жаслар қатнасты.
Кешеде институттың жаслар мәселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Қаржаўбай Реймов сөзге шығып, соңғы жылларда Россия ҳәм Өзбекстан арасында саўда-экономикалық тараўлардағы бирге ислесиўлер менен бир қатарда мәдений, әдебий ҳәм илимий бағдардағы байланыслардың да раўажланып атырғанлығы, дөретиўши тулғалар, белгили жазыўшы ҳәм шайырларымыздың шығармаларын рус ҳәм басқа да тиллерге аўдарыў арқалы дүньяға кеңнен танытыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийети ҳаққында айтып өтти.
Буннан соң Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Кәримов «Антология каракалпакской поэзии» топламының биринши томын таныстырып, онда қарақалпақ халық дәстанлары «Қырық қыз», «Қоблан», «Шәрьяр» ҳәм халық қосықлары, соның ишинде, балалар фольклоры үлгилериниң рус тилине аўдармалары орын алғанлығын атап өтти.

Соны айтып өтиў керек, бул топламды баспаға таярлаўда россиялы белгили шайыр ҳәм дилмаш, әдебият тарийхшысы Михаил Синельников, Өзбекстанның Россиядағы елшиханасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамлары, Россиядағы қарақалпақ диаспорасының белсенди ағзалары қатнасып, оны китап етип басып шығарыўға шығысы өзбекстанлы исбилермен Алишер Усмановтың «Көркем өнер, илим ҳәм спорт» қайырқомлық қоры қаржылай жәрдем берди.
Дәстанлар ҳәм халық қосықларын рус тилине аўдарыўда белгили дилмашлар Арсений Тарковский, Сергей Северцев, Наум Гребнев ҳәм Сағынбай Ибрагимовлардың хызметлерин айрықша атап өтиў орынлы.
Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Кеңесбай Каримов өз сөзинде топламның екинши томы да баспаға таярланып атырғанын, онда қарақалпақ әдебиятының XVIII-XIX әсирлерден баслап бүгинги күнге шекемги дөретиўшилериниң шығармалары орын алғанлығын мәлимледи.
Сондай-ақ, кешеде институттың бир қатар профессор-оқытыўшылары да шығып сөйлеп, қарақалпақ әдебиятын дүнья халықларына таныстырыў ҳәм келешек әўладларға жеткерип бериў, халықларымыз арасында мәдений-әдебий байланысларды беккемлеўге хызмет етип атырған барлық пидайы инсанларға миннетдаршылық билдирди.
Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов «Антология каракалпакской поэзии» топламының биринши томын, сондай-ақ, жақында баспадан шығарылған «Бабурнама» китабы ҳәм «Өткен күнлер» романының қарақалпақ тилиндеги аўдармаларын институттың мәлимлеме-ресурс орайына саўға етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги