Анқарада Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжан министрлери сөйлесиў өткерди

Анқарада Өзбекстан, Түркия ҳәм Әзербайжанның сыртқы ислер, саўда-экономика ҳәм транспорт министрлериниң қатнасыўында үш тәреплеме ушырасыў болып өтти.
Екинши мәрте шөлкемлестирилген бул мәжилисте Өзбекстанның атынан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов, инвестициялар ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм транспорт министри Илҳом Маҳкамов қатнасты.
Илажда сыртқы сиясат, регионаллық, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шериклик көлемин кеңейтиў, көп тармақлы транспорт системасын раўажландырыў ҳәм коммуникация тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери көтерилди.

Министрлер күн тәртибиндеги темалар бойынша баянат жасады.
Бундай форматтағы ушырасыўлардың бириншиси 2022-жыл 2-август күни Ташкент қаласында өткерилген еди. Үш туўысқан мәмлекет заманагөй жемириўлер шараятында Азия ҳәм Европаны байланыстыратуғын тарийхый Жипек жолы бойлап байланысларды беккемлеўши жойбарларды додалаў ушын улыўмалық платформа дүзген.
Мәжилисте бажыхана әмелияты ҳәм нызамшылығын үйлестириў, электрон хызметтен және де кеңирек пайдаланыў, нәтийжели ҳәм өз-ара пайда принципине тийкарланған саўда жолындағы тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.
Форум шеңберинде мәмлекетимиз сыртқы сиясат уйымының басшысы Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Жейхун Байрамов пенен ушырасыў да өткерди. Сөйлесиў даўамында өз-ара қатнасықлар, соның ишинде көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў имканияты, региондағы ҳәзирги жағдай додаланды.
Ўткир Алимов, ӨзА