Тарийхый естеликлер прокуратура қадағалаўында

288

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы тәрепинен тарийхый естеликлер тараўына байланыслы жумыс ҳәм нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы турақлы қадағалаўға алынған.

Тарийхый естеликлерди сақлаў ҳәр қандай жәмийеттиң мәдений ҳәм ағартыўшылық мийрасын келешек әўладларға жеткериўдеги әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланды.

Мойнақ районында оннан аслам, Қоңырат районында елиўден аслам мәдений мийрас объекти қатарына киргизилген тарийхый ҳәм дыққатқа ылайық орынлар бар. Қарақалпақстан Республикасы прокурорының орынбасары Ш. Муҳаматов басшылығындағы жумысшы топар усы мәдений мийрас объектлериниң сақланыў жағдайын үйренди.

Үйрениў нәтийжесинде аймақлардағы мәдений мийрас объектлери ҳәм басқа тарийхый имаратларды тийисли тараў қәнигелерин кеңнен тартқан ҳалда, толық хатлаўдан өткерилетуғыны атап өтилди. Олардың тарийхый әҳмийетин белгилеў, дизимин жаңалаў ҳәм туризм потенциалынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылыўы керек болған ўазыйпалар белгиленди.

ӨзА