Британиялы эксперт Нөкистеги мектеплердиң турмысы менен танысты

174

Соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар нәтийжесинде, Қарақалпақстанда  халықаралық Кембридж мектеплери шөлкемлестирилди ҳәм оларда республикамыз балалары заман талабына сай тәлим-тәрбия алмақта.

Усы мектеплердиң бүгинги турмысы менен танысыў мақсетинде, 29-январь күни Кембридж билимлендириў бағдарламасы бойынша Британия мәмлекетиндеги ўәкиллери, соның ишинде Кембридж халықаралық шөлкем эксперти Стив Кинг хызмет сапары менен Қарақалпақстанға келди ҳәм

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Кожабаева менен биргеликте Нөкис қаласында жайласқан бир қатар мектеплерде болды. Британиялы экспертлер ең дәслеп жеке тәртиптеги исбилермен М.Шымбергенов тәрепинен шөлкемлестирилген «Kardar aсademy school» мәмлекетлик емес жеке меншик мектепке барып, ол жерде оқыўшылар ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысып,  халықаралық шөлкем эксперти Стив Кинг оқыўшылар менен инглис тилинде еркин сәўбетлести ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.

-Мектебимиз 2024-жылы 4-сентябрьден баслап халықаралық Кембридж мектеби болып шөлкемлестирилди,-дейди  «Kardar aсademy school»  мәмлекетлик емес жеке меншик мектебиниң шөлкемлестириўшиси Мурат Шымбергенов.-Бүгинги күни бул билим дәргайында 1 мектепке таярлаў, 16 баслаўыш, 8 жоқары класста жәми 400 оқыўшы тәлим алып, оларға 42 педагог кадрлар билим бермекте. Оқыўшыларымыз сабақтан тысқары қосымша, аяқ ойын,  шахмат,  гимнастика, менталь арифметика,  информатика, қытай тили бойынша дөгереклерге қатнаспақта.

Буннан соң халықаралық шөлкем эксперти Стив Кинг пайтахтымыздағы 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары болған улыўма билим бериў мектебиндеги ашылған Кембридж классларына барып, оқыўшылар ушын жаратылған қолайлықлар менен жақыннан танысты ҳәм олар менен инглис тилинде сәўбетлести. Сәўбетлесиў барысында, Стив Кинг оқыўшылар арасынан инглис тилинде емин-еркин сөйлеген 2 оқыўшыға планшет саўға етти.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы Пәрманы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы ҳәм Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң арнаўлы буйрығы тийкарында, мәмлекетимизде биринши мәрте Нөкис қаласында 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары болған улыўма билим бериў мектебинде Кембридж класы шөлкемлестирилген еди ҳәм ҳәзирги ўақытта еки Кембридж класында 40 оқыўшы оқып билим алмақта.

Сондай-ақ, илаж қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы Президент мектебинде де барып,  халықаралық шөлкем эксперти Стив Кинг мектепте жаратылған қолайлықлар ҳәм мектеп муғаллимлериниң оқыўшыларға сабақ өтиў усыллары менен танысып, өзиниң усынысларын билдирди.

Илаж даўамында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери мектепте қәбилетли оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар, муғаллимлердиң интерактив усылда  заманагөй методикалардан пайдаланған ҳалда сабақ  өтиў барысы менен танысты.

Ҳәзирги ўақытта Президент мектебинде республикамыздың барлық аймақларынан келген 5-11-класс оқыўшылары оқыйды.

-Оқыўшылар оқыў дәўиринде арнаўлы жатақхана, 5 мезгил ыссы аўқат, сабақлықлар ҳәм 11 түрли кийим-кеншеклер менен бийпул тәмийинленген,-дейди министрликтиң баспасөз хаткери Перийзат Уразалиева.-Мектепте оқыў STEM бағдарында Кембридж оқыў ҳәм жергиликли оқыў бағдарламасы тийкарында қарақалпақ ҳәм инглис тиллеринде алып барылады.

2020-жыл 30-декабрьде Президент мектеплери Cambridge Assessment International Education аккредитациясынан табыслы өтип Нөкис қаласындағы Президент мектеби UZ-403-санлы Кембридж мектеби статусына ийе болды. Бул оқыўшыларға AS-level, A-level имтиханларын мектептиң өзинде тапсырып, STEM пәнлери бойынша халықаралық сертификатларға ийе болыў ҳәм дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларының грантын жеңип алыўға мүмкиншилик жаратты.

Нөкис қаласында жайласқан халықаралық Кембридж мектеплериниң турмысы менен танысқан халықаралық эксперт Стив Кинг сол күни Ташкент қаласына жөнеп кетти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы