Исбилерменлерге жәрдем бериў белгилеп алынды

Қарақалпақстан Республикасында инвестиция жойбарларын жеделлестириў, экспортшы кәрханаларға әмелий жәрдем көрсетиў, ушырасып атырған машқалаларды сапластырыў ҳәм жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде исбилерменлик субъектлери менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Ҳүкиметлик комиссия баслығы Жамшид Ходжаев, Бизнес-омбудсман Дилмурод Касимов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрмановлар қатнасып, исбилерменлердиң усыныс ҳәм мүрәжатларын тыңлады. Сондай-ақ, илаж даўамында исбилерменлер тәрепинен көрсетилген мәселелер, атап айтқанда, инвестиция жойбарларын әмелге асырыўдағы тосқынлықлар, экспорт жумысындағы машқалалар, мәмлекетлик уйымлар менен бирге ислесиўдеги қыйыншылықлар ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Ушырасыўда Бизнес-омбудсман тәрепинен исбилерменлердиң мүрәжатлары бойынша жедел илажлар көриў, ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша көрсетпелер берилип, машқалалы мәселелерди шешиў ушын жуўапкер шөлкемлер ҳәм басқармалар менен биргеликте жумыс алып барыў белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги