Ислам цивилизациясы орайы – миллий өзлигимиз, илим, билимлендириў ҳәм мәденият тымсалы

287

Президент Шавкат Мирзиёев 29-январь күни Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайында алып барылып атырған қурылыс жумыслары менен танысты.

Бул комплекс тарийхымызда алдын болмаған үлкен ҳәм бийбаҳа жойбар болып есапланады. Ҳәзирги күнде саўлатлы имарат бой тиклеп, қурылыс жуўмақлаўшы басқышқа кирген.


Бул орай Президентимиздиң 2017-жыл 23-июньдағы қарарына бола басланып, 2018-жылғы Рамазан ҳайыты күни мәмлекетимиз басшысы оның тырнақ тасын қойған еди.

Оғада уллы орай имараты үш қабатты өз ишине алып, әййемги архитектуралық естеликлеримиз түринде қурылмақта. Миллий гүмбез ҳәм фасадлар, нағыслардың әжайып үйлесиўи оған айрықша көрик ҳәм шырай бағышлаған. Комплекстиң төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрлик фасадлар, ортада 65 метрлик гүмбез қурылған.


Орайдың ең тийкарғы бөлегинде Қураны кәрим залы қурылмақта. Бул жерде мусылман дүньясының руўхый дүрданасы – әййемги Усман Мусҳафи жайластырылады. Сондай-ақ, саманийлер, қараханийлер, хорезмшахлар, Өзбекхан, темурийлер ҳәм басқа да тарийхый династиялар дәўиринде жазылған муқаддес китабымыздың нусқалары ҳәм олардың ески өзбек тилиндеги аўдармалары қойылады. Дүньядағы ең бийбаҳа қолжазба Қуранлардан үлгилер де орын алады.

– Халқымыздың бай ҳәм бийтәкирар мийрасына байланыслы көп китаплар, ҳәр қыйлы үлкелерге шашылып кеткен қолжазбалар, сийрек гезлесетуғын мағлыўматлар, көркем өнер дөретпелери, тилекке қарсы, бизге белгисиз еди. Мине, усы орай себеп болып тарийхты үйрениўде үлкен қәдемлер қойдық, жаңа дереклер пайда болды. Енди булардың тәсири, нәтийжеси қандай болады! Оларды тек ғана естелик сыпатында сақламастан, белсене илимий жақтан пайдаланыўға киргизиў, халқымыз, жасларымызға түсиникли тилде жеткериў, дүнья жәмийетшилигине кеңнен үгит-нәсиятлаў керек. Бул дәргай тек ғана өтмиш ҳаққында гүрриң ететуғын емес, ал тарийх, бүгин ҳәм келешекти байланыстыратуғын раўажланыўымыздың тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын ақыл-парасат орайы болыўы зәрүр,-деди Шавкат Мирзиёев.


Комплексте «Исламнан алдынғы цивилизациялар», «Биринши Ренессанс дәўири», «Екинши Ренессанс дәўири», «Өзбекстан XX әсирде», «Жаңа Өзбекстан – жаңа Ренессанс» сыяқлы бөлимлер дүзиледи. Президентимиз олардың илимий концепциясына, жаратылған шараятларға айрықша итибар қаратты.

Бул дәўирлер тарийхы ҳәр қыйлы затлар, қолжазба дереклер, сүўретлер ҳәм мультимедиа қураллары арқалы көрсетилген. Хорезмий, Ферғаний, Фарабий, Беруний, Ибн Сина, Бурҳониддин Марғынаний, Маҳмуд Замахшарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Бабур Мырза, Әлий Қусшы сыяқлы илимпаз ҳәм ойшыллардың көп қырлы жумысы ҳаққында мағлыўмат берилген. Имам Бухарий, Имам Термизий, Ҳәким Термизий, Абу Мансур Мотуридий, Абу Муин Насафий, Қаффол Шоший, Абдулхолиқ Ғиждувоний, Нажмиддин Кубра, Баҳоуддин Нақшбанд, Хўжа Аҳрор Валий сыяқлы илимпазлардың Ислам ағартыўшылығына қосқан үлеси ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.


Ҳәзирги ўақытта комплексте Бибиханым, Хонзодабегим, Гавҳаршодбегим, Гулбадан, Нодирабегим, Увайсий, Анбар отин сыяқлы тарийхымызда терең из қалдырған белгили ҳаял-қызлардың илим-ағартыўшылық қәўендери сыпатындағы жумысы да өз көринисин тапқан. Бул экспозиция бүгинги қызлар ушын ибрат үлгиси болып хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы орайдың жумысы ҳәм әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти.


– Ислам цивилизациясының ислам тәлийматының тийкары – негизинде илим, мәденият, билимлендириў ҳәм тәрбия. Биз қурып атырған орайдың бас идеясы, тийкары да усы. Ең әҳмийетли тәрепи – елимиздеги ислам мәденияты менен байланыслы, бир неше мың жыллық әййемги өтмиш бир жерде – мине, усы комлексте жәмленеди. Орай менен танысқан адам мине, усы тарийхты анық көрип, ислам дини, бул бәринен бурын, тынышлық, раўажланыў ҳәм кеңпейиллик дини екенин, өзбек халқының дүнья раўажланыўына қосқан уллы үлесин түсинеди,-деди Президент.

Мине, усы ўазыйпадан келип шығып, орайда уллы ата-бабаларымыздың мийрасын терең изертлеў, оны бүгинги күнниң өткир машқалаларына жуўап бере алатуғын турмысқа жан бериўши күшке айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Оның ушын Өзбекстан халықаралық ислам академиясы, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий атындағы ҳәм басқа да халықаралық илимий-ағартыўшылық шөлкемлердиң жумысын илимий-методикалық жақтан муўапықластырыў, биргеликте заманагөй қәўип-қәтерлерге мүнәсип илимий жуўаплар табыў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў керек.


– Несип етсе, бул комплекс өзимиздиң архитектуралық тәжирийбемиз. Жаңа Өзбекстанның дөретиўшилик мектеби, илимий-руўхый имканиятымыз белгиси сыпатында тарийхқа киреди. Ҳәр бир бөлимниң мазмун-мәниси усы мақсетке қаратылыўы керек. Сырт елдеги белгили музей ҳәм китапханалар, абырайлы қәнигелер менен бирге ислесиў жолға қойылғаны, китаплар, мақалалар басып шығаралып атырғаны итибарға ылайық. Бул жумыслар турақлы ҳәм илимий тийкарға ийе болыўы ушын жумысты режели шөлкемлестириў керек. Бас мақсетимиз – миллий өзлигимизди түсиниў ҳәм түсиндириў,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Орай тәрепинен бир қатар халықаралық илимий мәкеме ҳәм шөлкемлер, соның ишинде, ЮНЕСКО, АЙСЕСКО менен тығыз бирге ислесиў орнатылды. 2024-жылы августта Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында «Уллы ата-бабалар мийрасы – Үшинши Ренессанс тийкары» темасындағы VIII халықаралық конгресс өткерилди. Онда 35 мәмлекеттен 200 ге шамалас сырт ел илимпазлары қатнасып, орай бойынша баҳалы пикир-усыныслар билдирди.


Қурылыс жумыслары ҳәм экспозиция менен танысыў процесинде Шавкат Мирзиёев орайдың жумысын шөлкемлестириў, оның мазмун-мәнисин және де байытыў ҳәм жетилистириў бойынша зәрүр көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде Ташкенттиң туризм имканиятына бағышланған презентация менен де танысты.


Бундай жойбарлар көп жерлерде басланған. Бектемир, Мырза Улығбек, Мирабад, Юнусабад, Яккасарай, Янгиҳаёт районларында 7/24 тәртибинде ислейтуғын онлаған туристлик мәнзиллер шөлкемлестирилген.

Ташкенттиң ески қала аймағы өзине тән тарийхый әҳмийетке ийе. Бул жерге жылдың барлық мәўсиминде сырт ел туристлери көп келеди. Соның ушын аймақ туризм хызметлерине қәнигелестирилмекте. Соның ишинде, өткен жылы Чарсу базары жанындағы Гүлбазар мәҳәллесинде сондай көше шөлкемлестирилген еди. Абдулла Қадирий атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы да абаданластырылмақта.


Енди оларға үйлесикли түрде гастрономиялық ҳәм туризм көшелерин шөлкемлестириў режелестирилген. Оның ушын 17 көше ҳәм 32 жабық көше таңлап алынған. Оларда Ески қаланың өзине тән архитектуралық көринисин сақлап қалған ҳалда, қосымша инфраструктуралар жаратылады.

Соның нәтийжесинде аймақта жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң саны 250 ге көбейеди, 1 мың 500 жумыс орны ашылады. Әҳмийетлиси, күнлик туристлер саны ҳәзирги 4 мыңнан 11 мыңға көбейиўи күтилмекте.

Жуўапкерлерге исбилерменлер ҳәм өнерментлер ушын қолайлықларды көбейтиў, саяхатларды мазмунлы ҳәм қызықлы шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

ӨзА