«Tata Steel Chess-2025»те кимлер жетекши?

215

Нидерландияның Вейк-ан-Зее қаласында өткерилип атырған шахмат бойынша «Tata Steel Chess-2025» қызғын даўам етпекте.

Кеше өткерилген 10-турда «Мастерс» топарында жетекшилердиң бири болып киятырған Нодирбек Абдусатторов сербиялы Алексей Сарана менен ушырасып, оны жеңип шығыўға миясар болды. Бул жеңистен соң Абдусатторов өзиниң упайлар санын 7 ге жеткерип, екинши орынды ийелеп тур.

Ал, турнирдиң ҳәзирги ўақыттағы кәрўанбасысы ҳиндстанлы Гукеш Доммараджу нидерландиялы Макс Вармердамды жеңип, өзиниң упайлар санын 7,5 ге жеткерди.

Және бир ҳинд гроссмейстери Рамешбабу Прагнанандҳа да бул турда словениялы Владимир Федосеевти жеңип, 6,5 упай менен үшинши орынды ийелеп тур.

«Челленжер» топарында қатнасып атырған Нодирбек Якуббоев болса, нидерландиялы Бенжамин Бок пенен теңбе-тең ойнады ҳәм 5 упай менен турнир кестесинде тоғызыншы орынды ийелеп келмекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы