Аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў жетилистирилмекте

395

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-декабрьдеги “Аўыл хожалығы майданларындағы қосымша мүмкиншиликлерден пайдаланған ҳалда өним жетистириўди көбейтиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарарға муўапық атыз шетлеринде ҳәм халыққа тийисли қыйтақ жерлерде, хожалықлардың ҳәм көп қабатлы жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў системасын жетилистириў бойынша жаңа тәртип-қағыйдалар енгизилмекте.

Атап айтқанда, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўди шөлкемлестириў бойынша Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине атыз шетлеринде ҳәм қыйтақ жерлерде, хожалықларда ҳәм көп қабатлы жайлардың алдында, мәҳәллениң ишки көшелеринде өним жетистириў, аўыл хожалығы субъектлерине туқым ҳәм нәллерди жеткериў, жетистирилген өнимлерди экспортқа бағдарлаўды шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленеди.

Агентлик жыл даўамында өними жоқары болған егинлерди егиў ҳәм оларды экспортқа шығарыў ушын мийўе-палыз өнимлерин экспорт етиўши исбилерменлердиң талапларын үйренеди.

Атыз шетлеринен нәтийжели пайдаланған аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде ишки фитосанитария сертификаты бир жыл даўамында бийпул бериледи.

Атыз шетлерине егилген, “in-vitro” усылында жаратылған сабыў ушын арналған мийўе нәллерин сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында, бирақ ҳәр бир сабыў ушын арналған мийўе нәлине 25 мың сумнан аспаған ҳалда Агросанаатты раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қорынан белгиленген тәртипте субсидия ажыратылады.

Қарардың мақсети ҳәм әҳмийетин атап өтетуғын болсақ, онда аўыл хожалығына арналған жер участкаларының, атызлардың шетлери, каналлар, суўғарыў ҳәм коллектор-дренаж тармақларының әтирапындағы майданларда (жағалық бойындағы аймақлар оған кирмейди), халыққа тийисли қыйтақ жер, хожалықлар ҳәм көп қабатлы жайлардың алды, мәҳәллениң ишки көшелеринде аўыл хожалығы өнимлери жетистирилиўин нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм көбейтиў арқалы мәмлекеттиң экспорт көрсеткишлерин арттырыў нәзерде тутылған.

Қарардың тағы бир зәрүр тәрепи бар. Усы жумысларға немқурайдылық пенен қараған исбилерменлик субъектлерине ескертиў хаты бериледи. Алдағы ўақытлары усы ҳуқықый ҳүжжетке тийкарланып аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилерге олардың барлық аўыл хожалығына арналған жерлери ушын жер салығы ставкасы үш есе муғдарында есапланыўы ҳәм аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў фондынан белгиленген тәртипте ажратылатуғын кредит ресурслары есабынан финанслық тәмийинлеў тоқтатылыўы ҳәм атыз шетлерин екилемши кирейге алған кирейшилерге Агросаноат комплекси үстинен бақлаў инспекциясы тәрепинен базалық есаплаў муғдарының он есесине шекемги муғдарда жәрийма қолланылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар да келтирип өтилген. Бул нәрсе өз гезегинде жер ийелериниң жуўапкершилигин күшейтиў есабынан дәраматларының артыўына хызмет етеди.

Д.Сәрсенбаев,

“Өзагроинспекция”ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы

Аўыл хожалығына арналған жерлерден пайдаланыўды

бақлаў бөлиминиң бас қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги