Тергеўде шахстың ҳуқықларын қорғаў кепилликлери және де күшейтилди

421

Мәмлекетимиз басшысы 2025-жыл  28-январьда «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Оған бола, тергеў судьялары тәрепинен жынаят ислери бойынша судқа шекем жумыс алып барыў басқышында процессуал қарарларға санкция бериў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў мәселелерин нызамшылықта белгилеў мақсетинде тергеў судьяларының ўәкилликлерине киргизилген ислерди көрип шығыў тийкарлары ҳәм тәртибин нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Жынаят-процессуал кодексине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, тергеў судьясының ўәкилликлери белгиленди. Тергеў судьясы жеке ис тутып, кодексте нәзерде тутылған тәртипте судқа шекем жумыс алып барыў басқышында шахстың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўи үстинен суд қадағалаўын әмелге асырады.

Сондай-ақ, тинтиў өткериў ҳаққында өтиниш хатын қозғатыў ҳәм оны көрип шығыў тийкарлары белгиленди. Онда, тинтиў өткериў ушын тийкарлар болған жағдайда прокурор, тергеўши яки сорастырыўшы тинтиў өткериў ҳаққында өтиниш хатын қозғатыў ҳаққында оны өткериў ушын тийкарларды билдирген ҳалда қарар шығарады.

Телефонлар ҳәм басқа телекоммуникация қурылмалары арқалы алып барылатуғын сөйлесиўлерди тыңлап турыўды, олар арқалы узатылатуғын мәлимлемени алыўды әмелге асырыў ҳаққындағы өтиниш хатын көрип шығыў тийкарлары белгиленди.

Буннан тысқары, мүлкти хатлаў ҳаққындағы өтиниш хатын көрип шығыў тәртиби белгиленди. Онда, мүлкти хатлаў ҳаққындағы өтиниш хаты сорастырыў яки дәслепки тергеў жүргизилип атырған орындағы жынаят ислери бойынша район (қала) судының тергеў судьясы тәрепинен жеке тәртипте көрип шығылады.

 ӨзА