Электрон хызмет көрсетиўши компаниялар Өзбекстанға қанша салық төлеген?

248

2024-жылы Өзбекстанда электрон хызметлер көрсетиўши 63 сырт ел компаниясы жәми 115,8 миллиард сум салық төледи. Бул көрсеткиш 2023-жылға қарағанда 1,5 есеге көп.

Салықлардың 99,9 проценти онлайн хызмет усыныўшы ири 10 сырт ел компаниясының үлесине туўра келеди. Булардан ең көп төлем әмелге асырғанлар «Meta» (41,7 млрд), «Google» (29 млрд) ҳәм «Apple» (27,3 млрд) болып қалмақта.

Олардан кейинги орынлар төменде келтирилген:

«Amazon» – 4,1 миллиард сум;

«Booking.com» – 3,6 миллиард сум;

«Netflix» – 1,4 миллиард сум;

«Zoom» – 1,4 миллиард сум;

«Асса» – 1,2 миллиард сум;

«Xsolla» – 966,7 миллион сум.

Итибарлы тәрепи сонда, мәмлекетте блокланғанына қарамастан, «TikTok» да 903 миллион сум салық төлемин әмелге асырды. Ол 2021-жылдың июль айында «Жеке мағлыўматлар ҳаққында»ғы нызамды бузған деп табылған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги