Фармацевтика тармағы жедел раўажландырылады

254

«Фармацевтика тармағын жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға бола, Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленди:

– биологиялық белсенди қосымшалар ҳәм косметика өнимлери санаатын раўажландырыў, соның ишинде, базар конъюнктурасын үйрениў, таллаў ҳәм өндиристи локализациялаў, бул бағдардағы тараў кәрханаларына алдыңғы сырт ел әмелияты ҳәм стандартларын қолланыўға жәрдемлесиў;

– жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте аймақлық фармацевтика кәрханаларының инвестициялық жойбарларын мониторинг етиў ҳәм есабын алып барыў;

– фармацевтика тараўын санластырыў ҳәм мәлимлеме бағдарламаларын енгизиў.

2025-жылдың ақырына шекем Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайының лабораториясы Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң дәслепки квалификация (prequalification) тәртибинен өткериледи.

2025-жыл 1-апрельден:

– шекленген саўда үстемелери тек ғана рецепт пенен берилетуғын дәри қураллары категориясына қолланылады;

– бир ислеп шығарыўшы тәрепинен ҳәр қыйлы саўда атлары астында қурамы бирдей болған дәри қуралларын ислеп шығарыўда усы дәри қуралларының барлығына ең төмен референт баҳа қолланады;

– «Фармацевтика өнимлери қәўипсизлиги орайы» тәрепинен сырт ел валютасында дизимге алынған референт баҳалар белгиленген жағдайларда автомат түрде (исбилерменниң мүрәжатысыз) қайта көрип шығылады.

Пәрманға муўапық, фармацевтика өнимлери экспортының көлемин арттырыў мақсетинде:

– жергиликли өндирис кәрханаларының дәри қуралларынан биреўин АҚШтың “Food and Drug Administration” (FDA) ямаса Европа Аўқамының “European Medicines Agency” (EMA) шөлкемлеринде дизимнен өткериўге байланыслы қәрежетлериниң 100 проценти олар дизимнен өткерилгени ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлер инам етилгеннен соң қаплап бериледи;

– жергиликли өндирис кәрханаларының фармацевтика өнимлерин сырт еллерде дизимнен өткериў менен байланыслы қәрежетлериниң 50 проценти олар дизимнен өткерилгени ҳаққында тастыйықлаўшы ҳүжжетлер усынылғаннан соң қаплап бериледи.

Төмендегилер шөлкемлестириледи:

– Фармацевтика тараўының биофармацевтика, клетка технологиялары, онкология сыяқлы бағдарларындағы стартап жойбарларды қаржыландыратуғын венчур қоры;

– Фармацевтика тармағының перспективалы жойбарлары инвестиция қоры.

2025-жыл 1-июльге шекем 5 үлгили дәрилик өсимликлер плантациялары шөлкемлестириледи ҳәм 2026-жылдың ақырына шекем бул плантацияларда жетистирилген дәрилик өсимликлерди қайта ислеў жойбарлары иске қосылады.

Фармацевтика кәрханаларының жумысына алдыңғы стандартларды қолланыў бойынша маркетинг ҳәм консалтинг хызметлерин көрсетиўге қәнигелескен “Pharm Service” мәмлекетлик мәкемеси шөлкемлестириледи.

ӨзА