Кейтеринг усылында сапалы аўқатлар жеткерилип берилмекте

278

Президентимиздиң басламасы менен Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 25-августтағы «Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде саламат аўқатландырыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 427-санлы қарарына тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жайласқан улыўма орта билимлендириў мектеплеринде 1-4-класс оқыўшыларын бийпул аўқатландырыў бойынша система енгизилген еди.

Беруний районы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимине қарасы 71 улыўма билимлендириў мектебинде 2 кейтеринг шөлкеми тәрепинен 1-класстан 4-классқа шекемги оқыўшыларға кейтеринг усылында сапалы аўқатлар жеткерилип берилмекте.

Районлық Санитария-эпидемиялогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен Азық-аўқат өнимлери мектеп комиссия ағзалары тәрепинен сертификатлары, жарамлылық мүддетлери, тағамнамаға сәйкеслиги ҳәм сапасына қарап қабыл етилиўи бойынша ҳәр айда қадағалаў тексериўлери өткерилип келинбекте.

– Жаратылған бундай мүмкиншиликлерден халық қуўанышлы ҳәм разы, – дейди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы Айнура Уразова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги