Президент қарарының жойбары бойынша экспертлердиң пикирлери ҳәм усыныслары тыңланды

Экономика ҳәм қаржы министрлигинде «Жасыл» инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда энергия нәтийжелилигин арттырыў ҳәм турақлы ыссылық тәмийнатын тәмийинлеў мәселелери» темасында дөгерек сәўбети өткерилди.
Өзбекстан Республикасы бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Жамшид Қўчқаровтың басшылығында өткерилген илаж халықаралық қаржы институтлары ҳәм шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Бул илажда әмелдеги имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, орайласқан ыссылық тәмийнатын реформалаў ҳәм турақлы раўажландырыўға қаратылған Президент қарарының жойбары бойынша эксперт пикирлери ҳәм усыныслары тыңланды.

Дөгерек сәўбетинде халықаралық қаржы институтлары ҳәм шөлкемлериниң ўәкиллери менен бирге, Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы, Энергетика, Денсаўлықты сақлаў, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрликлериниң жуўапкерлери қатнасты.

Илаж даўамында әмелдеги имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тикленетуғын энергия дереклеринен пайдаланыў, энергия шығынын азайтыў ҳәм орайласқан ыссылық тәмийнаты системасын талқылаў додаланды. Сондай-ақ, тараўдағы бар машқалаларды сапластырыў ушын заманагөй технологиялық шешимлерди енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Қарар жойбарында энергия үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта тикленетуғын энергия дереклерин интеграциялаў, энергия шығынын минималластырыў ҳәм турақлы ыссылық тәмийнаты системасын раўажландырыў илажлары белгиленген.
Қарарды ислеп шығыў процесинде Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық энергетика агентилги сыяқлы шөлкемлердиң усыныслары ҳәм тәжирийбеси есапқа алынды.

Дөгерек сәўбетинде Жәҳән банки, Азия раўажланыў банкиниң экспертлери өз презентациялары менен қатнасып, энергия нәтийжелилиги ҳәм ыссылық тәмийнаты системасын жетилистириў стратегияларын усынды. Сондай-ақ, БМШРБ, Халықаралық қаржы корпорациясы, GIZ ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен Өзбекстанның ыссылық тәмийнаты тараўын модернизациялаўда «жасыл» технологиялардан пайдаланыў бойынша усыныслар билдирилди.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА