Суў менен байланыслы мәселелердиң шешими кешикпейди

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен усы жылдың 8-январында тастыйықланған Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги администрациясының физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди ҳәм олардың ўәкиллерин көшпели қабыллаў режесине муўапық, Қанлыкөл ҳәм Бозатаў районларында көшпели қабыллаў өткерилди.
Районлардағы “Суў жеткериў хызмети” мәмлекетлик шөлкемлериниң ҳәкимшилик имаратларында өткерилген көшпели қабыллаўларда фермерлер, қыйтақ жер ийелери ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасып, машқалалы мәселелери туўралы мүрәжатлерин билдирди.
Ең көп мүрәжат фермер ҳәм кластерлердиң есабындағы ишки салмаларды қазып-тазалаў ушын экскаватор ажыратыў мәселеси болды. Қыйтақ жерлерге суў жеткериўде ушырасып атырған машқалалар, аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларына қосымша насос агрегатларын орнатыў мәселеси бойынша да бир неше пуқаралардан мүрәжат түсти.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Жузбаев мүрәжатлерде көрсетилген мәселелердиң орынланыўын қадағалаўға алатуғынлығын атап өтип, суўғарыў тармақларын тазалаўға техника ажыратыў ҳәм басқа усындай мәселелер бойынша суў хожалығы мәкемелериниң басшыларына тапсырмалар берди.
Бозатаў районында өткерилген көшпели қабыллаўда район ҳәкиминиң орынбасары ҳәм Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы, “Қаттыағар-Бозатаў” ирригация системасы басқармасының жуўапкер басшылары да қатнасты.
Илаж даўамында Суў хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Уразимбетов ҳәр бир мүрәжатты айрықша қарап, ҳәр тәреплеме түсиниклер берди ҳәм олардың унамлы шешилиўи бойынша илажда қатнасып атырған суў хожалығының аймақлардағы басшыларына көрсетпелер берилди.

Көшпели қабыллаўларда мәлим етилген ҳәзирги күндеги шор жуўыў илажлары, қосымша суў бериў менен байланыслы мәселелердиң көпшилиги өз орнында шешилип, мүрәжатлердиң унамлы шешилиўине ерисилди. Қосымша үйрениў талап етилетуғын мүрәжатлер қадағалаўға алынды.
Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги