Дерлик 10 миллион жолаўшы темир жол транспортынан пайдаланған

444

2024-жылдың январь-декабрь айларында темир жол транспортынан 9 миллион 803,6 мың жолаўшы пайдаланған. Бул ҳаққында Статистика агентлиги мағлыўмат берди.

Агентлик мағлыўматларына бола, бул көрсеткиш 2023-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 177,1 мың жолаўшыға көбейген. Сол себепли, өсиў пәти 101,8 процентти қурады.

Темир жол транспортынан пайдаланыўшы жолаўшылардың саны соңғы 4 жылда турақлы түрде артып барғанлығын көриў мүмкин екенлигин атап өтиўимиз керек.

Соның ишинде, 2020-жылы 6 миллион 155,3 мың, 2021-жылы 7 миллион 949,4, 2022-жылы 9 миллион, 2023-жылы 9 миллион 626,5 мың жолаўшы мәнзилине жетип алыў мақсетинде темир жол транспортын таңлаған,деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги