Бас министрдиң орынбасары «Standard Chartered» банкиниң бас атқарыўшы директоры Саиф Малик пенен ушырасты

181

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы  министри Жамшид Қўчқоров ҳәм Уллы Британияның «Standard Chartered» банкиниң бас атқарыўшы директоры Саиф Малик арасында ушырасыў  болып өтти.

Сөйлесиў ўақтында  инфраструктура  жойбарларын кеңейтиў, электр тармақларын модернизациялаў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик бағдарлары  шеңбериндеги  басламаларды әмелге асырыў ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы  кәрханаларды трансформациялаў мәселелери додаланды.

Тәреплер Өзбекстан банклери менен бирге ислесиўди раўажландырыў, киши ҳәм  орта бизнес және аўыл хожалығын қаржыландырыўда банк системасының әҳмийети бойынша пикир алысты.

Сондай-ақ, энергетика тараўында бирге ислесиўди  күшейтиў, қайта тиклениўши энергия дереклеринен нәтийжели пайдаланыў, «жасыл» экономика ҳәм IT  тараўын раўажланыдырыў бағдарында усыныслар көрип шығылды.

Министрликтиң мәлимлеме хызметине бола, «Standard Chartered» банки  60 тан  аслам  мәмлекетте жумыс жүргизип, тийкарынан Азия, Африка ҳәм Жақын Шығыс  базарларына итибар қаратады. Банк саўда ҳәм инвестициялар, корпоратив  ҳәм жеке банк хызметлерин көрсетиў менен бирге, «жасыл» облигациялар шығарыў ҳәм экологиялық жойбарларды  қаржыландырыўда да қатнасады.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм пикир алысыў процесслерин даўам еттириўге келисип алды.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА