Лувр реставрацияланады

Өткен ҳәптеде Франциядағы белгили Лувр музейиниң директоры Лоранс де Кар мәмлекеттиң мәденият министри Рашида Датиға хат жоллап, коплекс жаман аўҳалға келип қалғанынан шағым еткен. Хатта «айырым ханалар оғада жаман жағдайда» екени атап өтилген. Усы мүнәсибет пенен Президент Эммануэль Макрон 28-январь күни жеке өзи Луврға барып, музей реставрацияланатуғынын билдирди.
«The Guardian»ның жазыўынша, жетекши комплексте айырым өзгерислер әмелге асырылыўын мәлим етти.
– Лувр кеңейтиледи, – деген Франция басшысы. – Мәденият министрлиги қурылысты режелестириў жойбарына 10 миллион евро инвестиция киргизеди. Перро колоннадасы арқалы жаңа кең кириў жолы ашылады. Леонардо да Винчиниң «Монна Лиза» полотносы арнаўлы орынға көширилип, картинаны басқа коллекциялардан айрықша тамаша етиў имканияты жаратылады.
Буннан тысқары Президент министр Рашида Датидан ЕА қурамына кирмейтуғын мәмлекетлерден келгенлер ушын улыўма жоқары, дифференцияланған баҳа енгизиўди сорады. Билет турларының жаңа баҳасы 2026-жыл 1-январьдан енгизиледи.
Жаңаланғаннан кейин Лувр жылына 12 миллион тамашагөйди қабыл етиў имканиятына ийе болады. 2024-жылы музейге дерлик 9 миллион адам барған.
ӨзА